Гүз мәўсими кирип келгенде ана тәбиятымыз алтын түске енип, инсанға өзгеше кейпият инам етеди. Әсиресе,  художниклерге айрықша илҳам бағышлайды.

Усы жыл 25-ноябрь күни Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен ҳәр жылы дәстүрий тәризде өткерилип киятырған «Алтын гүз» атамасындағы көргизбе шөлкемлестирилди.

Оны белгили художниклер, студент жаслар, оқыўшылар, көркем өнер ықласбентлери қызығыўшылық пенен тамашалады.

Көргизбеде 17 автордың 71 дөретиўшилик жумыслары орын алған болып, ҳәр бир картина өзине тән өзгешеликке ийе.

Көргизбеге қойылған Қарақалпақстан халық художниги С.Байбосинов, Ж.Лепесов, А.Раджабов, Б.Айтмуратов ҳәм В.Жапаровлар тәрепинен дөретилген «Алтын гүз», «Гүз», «Гүз ертеги», «Таўда алтын гүз», «Көшеде гүз», «Көл бойында»  ҳәм басқа да картиналарда үлкемиздиң бийтәкирар бай тәбиятын көриўимизге болады.

– Көргизбеге устаз художниклер менен бир қатарда жас художниклердиң де дөретиўшилик жумыслары қойылған, – дейди  Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими көргизбе сарайының илимий хаткери Ахмет Хожамбергенов. Көргизбеге қойылған ҳәм бир картинада үлкемиздиң гөззал тәбияты түрли реңлерде шеберлик пенен сәўлеленген.

Көргизбе қатнасыўшыларда үлкен тәсир қалдырды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

Мақаланың сүўретлери М.ҲАБИБУЛЛАЕВ тәрепинен түсирилген