Быйыл «Қарақалпақ балық санаат» ЖШЖ тәрепинен улыўма баҳасы 16 миллиард сумлық интенсив усылда балық жетистириў ҳәм қайта ислеў жойбары иске түсирилген еди. Бул ушын кәрханаға 1,3 гектарлық жер ажыратылды. Қаржылардың 7 млрд. сумы қурылыс жумысларына, 9 млрд. сумы әсбап-үскенелер алып келиўге жумсалды.

Кәрхана сентябрь айында иске түсирилип, 35 жаңа жумыс орны жаратылды. Ҳәзирги ўақытта дәслепки нәтийжелер көзге көрине баслады.

– Жойбардың жыллық қуўатлылығы оғада үлкен. Инкубация цехында 50 миллион дана балық личинкаларын алыўға болады,-дейди «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикалық басқармасының Шарўашылықта нәсилшилик жумысларын қадағалаў бөлими  бас инспекторы Т.Төлепбергенов. – Оларды 24 гектарлық репродуктивлик ҳәўизлерде сақлап, ҳәр гектардан орташа 300 мың данадан, жәми 7 миллион дана балық шабақларын, жабық суў айланыў системасы (УЗВ)нда 200 тонналық товар балық жетистириў ҳәм балықлар ушын 5000 тонна байытылған жуғымлы жем ислеп шығарыў арқалы қосымша 1500 тонна товар балық жетистириўге ерисиледи.

2500 тонна балықты қайта ислеў арқалы балық өнимлерин (филе, фарш, кептирилген, котлет, тефтель, балық таяқшалары) ислеп шығарады. Сондай-ақ, 1000 тонналық балықты сақлаў қуўатлылығына ийе музлатқышлар орнатылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги