Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, бүгин Өзбек миллий академиялық драма театры жәмәәти гастроль сапары менен Нөкис қаласына келди.
Театр жәмәәти 25-ноябрьден 1-декабрь күнлери аралығында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры актёрлары менен биргеликте Иззет Султанның «Ийман», Оразбай Абдирахмановтың «Тирсеклер» спектаклин тамашагөйлер нәзерине усынады.
«Ийман» ҳәм «Тирсеклер» спектакльлериниң сахналастырыўшы режиссёры Өзбекстанға хызмет көрсеткен артист Марат Азимов.
25-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Ийман» спектакли тамашагөйлерге қойып бериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги