Усы жыл 21-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Қурбанбай Заретдиновтың «Халық ушын» операсының премьерасы болып өтти.
Премьера алдынан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының директоры А.Ниетуллаев, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары Ж.Абдижамилов шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа опера менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Мине усы имканиятлардан пайдаланған театр жәмәәти халқымыздың кеўлинен шығатуғын жаңа шығармаларды сахналастырып, тамашагөйлердиң нәзерине усынбақта. Бүгинги күнге шекем театрда биринши қарақалпақ операсы «Әжинияз», оннан кейин «Тумарис» ҳәм «Гүлайым» шығармалары сахналастырылған болса, халқымыздың уллы шайыры Бердақтың өмири және дөретиўшилигине бағышланған гезектеги «Халық ушын» операсы тамашагөйлер ушын әжайып саўға болды.
Шығармадағы ўақыя Бердақ шайырдың үйиндеги көринис пенен басланады. Шайыр өмириниң соңғы жылларында дөреткен «Ерназар бий» поэмасын шәкирти Қулмурат шайырға оқып береди.
Буннан кейин сахнада сол дәўирдеги халқымыздың аўыр турмысы, қазыўшылардың қыйыншылықлары, адамлардың сүргинге жиберилиўи, қызлардың зорлық пенен сатып жиберилиўи сыяқлы көринислерди жыйналғанлар айрықша қызығыўшылық пенен тамаша етти.
Халықтың турмысы қаншелли аўыр болмасын, шайырдың қосықлары оларға мәдет береди. Әсиресе, шайыр қосықларындағы «Халық ушын», «Ел ушын» деген қатарлары сол дәўирдиң уранына айланады.
Операның музыкалық жақтан басшысы ҳәм дирижёры Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Қ.Заретдинов, либеротто авторы Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримов, сахналастырыўшы режиссёр М.Үсенов, сахналастырыўшы художник Т.Шардеметов, хормейстерлар А.Толепова, Қ.Кинжебаев, А.Мухамметшерипова, балетмейстер Өзбекстан халық артисти А.Шарипов ҳәм басқалардың мийнетин айрықша атап өтиў керек.
Тийкарғы роллерди Сапарбай Шерманов (Бердақ), Абат Аширов (Қулмурат шайыр), Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Элиза Айтниязова (Ҳүрлиман), Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Роза Қутекеева (Бийбитхан), Фарит Узақбергенов (Қулман болыс), Гүлбану Рейпназарова (Перийзат) ҳәм басқада артистлер шеберлик пенен атқарып шықты.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери