Кеше, 22-ноябрь күни Ташкент қаласындағы «Халықлар дослығы» сарайында «Қуўнақлар ҳәм зийреклер: чемпионлар кубогы-2020» болып өтти.

 

Быйылғы таңлаўдың финал басқышына «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» республикалық таңлаўының 2015-жылдағы чемпионы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Туран», 2016-жылғы мәўсим чемпионы Әндижан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтының «Оғалар», 2017-жылдағы чемпионы Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтының «ТБТ», 2018-жылғы чемнионы Ташкент финанс институтының «Молиячи», 2019-жылғы мәўсим чемпионы Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң «Янги юлдузлар» командалары қатнасып, ең сайланды көркем ҳәм кеўилашар бағдарламаларын жыйналғанлардың итибарына усынды.

 

Таңлаў жуўмақларына муўапық, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Туран» командасы жеңимпаз деп табылды ҳәм 2020-жылғы Өзбекстан Чемпионы сыпатында супер кубок ийеси болды. Жеңимпаз командамызға 30 миллион сумлық сертификат тапсырылды.

 

Мағлыўмат ушын, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Туран» командасы Қуўнақлар ҳәм зийреклер» республикалық таңлаўының 2015-жылдағы чемпионы болған ҳәм 2018-жылдағы мәўсимде 2-орынды ийелеген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.