Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 31-майдағы қарары менен тастыйықланған «Өзбекстанның мәденият ҳәм көркем өнер тараўын жетилистириў бойынша 2017-2021-жылларға арналған илажлар бағдарламасы», сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 6-апрельдеги 271-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде дәстүрий тәризде миллий мәдениятымыздың раўажланыўына үлкен үлес қосқан көркем өнер ғайраткерлери және елимиз көркем өнерин дүнья ареналарында нәтийжели көрсетип киятырған жаслар сыйлықланды.
Қуўанышлы тәрепи, усы қарар тийкарында 2020-жылы Өзбекстан Республикасы Президенти атынан хошаметленген 20 талабан арасында Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи директорының илмий ислер бойынша орынбасары, жас художник Бахтияр Серекеев те сыйлықланды. Бул ҳаққында музей рәсмий каналы хабар берди.
Б.Серекеевке Президент атынан базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында сыйлықлаў сертификаты салтанатлы түрде тапсырылды.
Мағлыўмат ушын, жас художник Бахтияр Серекеев республикалық ҳәм көплеген халықаралық көргизбелерде турақлы түрде қатнасып, жоқары нәтийжелерди қолға киргизип келмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.