Ҳәр жылы июнь айы елимизде «Нәшебентликке қарсы гүресиў айлығы» деп жәрияланып, 26-июньде Нәшебентликке қарсы гүресиў күни өткерип келинбекте. «Әсир обасы» деп аталған бул иллет қаншадан-қанша инсанлардың өмирин зая етти, оларды түрли жынаят жолына баслады. Ең ашынарлысы, келшек әўладтың саламатлығына кери тәсирин тийгизбекте. Сонлықтанда наркотикалық затлардың нызамсыз айланысы ҳәм нәшебентликке қарсы гүресиў халықаралық дәрежеде алып барылмақта.

Бүгинги күнге айлық шеңберинде  нәшебентликке ҳәм психотроплық затлардың тәсирине түсип қалған жасларды анықлаў, олардың бул жолға түсип қалыўының себеплерин үйрениў, шаңарақтағы жағдайлары менен танысыў, олар менен профилактикалық жумыслар алып барыў, сондай-ақ, нәшебентлик затлардың инсан саламатлығына зыяны, оған қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған жумысларға байланыслы  100 ден зыят илаж өткерилип, оларға 1500 ге жақын жас қамтып алынды.

Атап айтқанда, «Камолот» ЖЖҲ Қоңырат районлық Кеңеси тәрепинен Ҳаял-қызлар комитети, ишки ислер бөлими менен биргеликте райондағы «Жайхун-1», «Жайхун-2» балалар дем алыс орайларында «Биз нәшебентликке қарсымыз!» сүрени астында сүўрет салыў бойынша таңлаў өткерилип, оның жеңимпазлары «Камолот» ЖЖҲ Қоңырат районлық Кеңесиниң Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Буннан тысқары, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң спорт сарайында  «Биз жаслар нәшебентликке қарсымызӘ» сүрени астында каратэ бойынша жарыс, Шымбай районында бокс бойынша ашық бириншилик,  Шоманай районында «Нәшебентлик өмир заўалы» сүрени менен көркем гимнастика бойынша жарыс өткерилген болса, Хожели районында «Нәшебентлик затларсыз өмир гөззал» темасында ушырасыў кешеси өткерилди. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фондының Қарақалпақстан Республикасы бөлими, «Экосан»  фондының Қарақалпақстан аймақлық шөкеми, басқада мәпдар шөлкемлер менен биргеликте жоқары оқыў орынларының студент жаслары, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлериниң оқыўшылары арасында «Биз жаслар саламат турмыс тәризи тәрепдарымыз!» сүрени астында семинарлар, дөгерек сәўбетлерин өткериў режелестирилген. Бундай илажлар айлық шеңберинде емес, бәлким жыл  бойы даўам етип, ол халқымыз, соның ишинде жасларымыз арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, оларды нәшебентлик сыяқлы зыянлы иллеттен сақлаўға хызмет етеди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.