Китап дүньясында

 Айқулақ әлемдеги бәрше нурларды өзинде жәмлегени менен, поэзия болса сезимлерге суўғарылғанлығы, пикирге қанықлығы менен гөззал. Жүректен жаралған қосықларғана жүреклерге жетип барып, кеўиллерди абат етеди. Оларды оқып отырып, түрли ҳалатты бастан кеширемиз: жылаймыз, жубанамыз, қуўанамыз… руўҳымыз пәкленеди. Бизди поэзия киби баска ҳеш нәрсе бул дәрежеде күшли тәсирлендире алмайды.

Шынлықсаң сен, бир туўған өзим менен,

Сен сөйлесең ой да кең, сезим де кең,

Оҳ, қандай жақсы болған туўылғаным,

Адамларда жүрек бар гезинде мен.

Дөретиўшиликке түрлише тәрийип берилген. Маған «дөретиўшилик – қәлипке сыймаған қәбилет» дегени көбирек унайды. Талант тәкирарланбас болады. Сол ушын да, уллы жаңалық жаратқан инсанларға  «тәкирарланбас талант ийеси еди», деп айтылады. Дөретиўшиниӊ, бириншиден, өзин екиншиден, басқаларды тәкирарлаўға ҳақы жоқ. Ол өз жолын, өз мектебин жаратыўы керек. «Төлеген – сөз жоқ талант», – дейди Қазақстан халық жазыўшысы Әбиш Кекилбаев.

Қыз қуўатын жигитке ат беремен,

Жанатуғын жүрекке от беремен,

Мен әйтеўир бар жыйған-тергенимди,

Бир әжайып той қылып өткеремен.

Төлеген Айбергенов өзи туўылып, ойнап-өскен қарақалпақ топырағын аңсап, отлы сағыныш қосықларын дөретти. Китаптағы көплеп мийнетлерин К.Реймов, М.Нызанов қарақалпақ тилине аўдармалаған. Қысқа өмири даўамында шайырдың «Әрман сапары», «Өмирге саяхат», «Қумдағы минаралар», «Мен саған ашық едим», «Аманат», «Бир тойым бар» қосық  топламлары жарық көрди.

Өле берсин күншиллер күйигинде,

Өз әсирим өзимниң ийинимде,

Ақ жамғырлар тоздырған таў сыяқлы,

Мен өлемен өзимниң бийигимде.

Поэзияны ҳәр бир оқыўшы оны өзинше аңлайды, өзинше баҳалайды. Лекин, Төлеген Айбергеновтың қосықларын мәзи оқып болмайды. Ондағы тереңнен шыққан тебиренис Сизди силкиндирмей, толқынландырмай қоймайды. Қатарлар жүрегиңиздей суўырылып шығып атырғандай болады. Мине, шайырлық шеберлик, мине, сөздиң қүдирети…

Биз уллы сөз усталарынан сол ушын да миннетдармыз – олар бизиӊ руўҳый дүньямызды азықландырып, өмир мазмунын, гөззаллық негизин аӊлатады. Мейли ол қайсы халықтыӊ ўәкили болса да, биринши нәўбетте инсаният ушын  хызмет еткен тулға саналады. Әне сол бийик шоққыға көтериле алған дөретиўшилерге бағып, оларға талпынып, биз де өзимизден бираз бәлентрекке көтерилемиз.

 

Несибели МАМБЕТИРЗАЕВА

Қарақалпақстан хабар агентлиги