Усы жыл 11-ноябрь күни И.В.Савицкий атындағы  мәмлекетлик көркем өнер музейинде Өзбекстанға хызмет  көрсеткен жаслар устазы, Қарақалпақстан халық художниги Жеңис Лепесовтың  75 жыллығына бағышланған «Формалар уйқасы» атамасындағы жеке көргизбеси өткерилди.

Көргизбеге белгили художниклер, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студент жаслары, художниктиң шәкиртлери қатнасты.

Илаж даўамында Ж.Лепесовтың қарақалпақ сүўретлеў өнерине қосқан үлеси, оның дөретиўшилик жолы,  картиналарының өзине тәнлиги, мийнет сүйгишлиги  кең түрде атап өтилди.

Көргизбеден музей фондында  ҳәм художниктиң жеке коллекциясынан алынған  50 ден аслам жумыслар орын алған.

– Устазымыз 75 жасқа шықса да, өзиниң үстинде тынымсыз излениўде. Музейимиздиң 11 мың китап жайласқан китапханасына  елеге шекем устазым ҳәр ҳәптеде еки мәрте келип, керекли мағлыўматларын алып кетеди. Музейди тамашалайды, жаңа дөретпелер дөретеди, – дейди музей директорының  илимий ислер бойынша  орынбасары, художниктиң шәкирти Бахтияр Серекеев. Бүгинги күнде Жеңис ағаның шәкиртлериниң дерлик барлығы көркем өнер ҳәм мәденият тараўында хызмет етпекте.

Художниктиң  «Сазенде», «Қарағай астында», «Бийдай жыйыны», «Машқала және машқала», «Ҳәййиў айтаман» ҳәм басқа да дөретпелери ашық реңлерге, өзгеше форматқа ийе. Картиналарында елимиз тәбияты, халқымыздың турмыс тәризи, мәденияты, үрп-әдети сәўлеленген. Арал теңизиниң апатшалығына байланыслы дәўир машқаласын «Арал руўҳы» атамасындағы жумысында көриўимизге болады.

Көргизбе 10-декабрьге шекем даўам етеди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы