Усы жыл 10-25-ноябрь күнлери аралығында республикамыздың барлық қала ҳәм районларында халықтың мәдений дем алыўын мазмунлы өткериў мақсетинде «Жаңа Өзбекстан-жаңа дүнья қарас» атамасында үгит-нәсият  жумыслары өткерилмекте.

Илажда  көркем өнер ғайраткерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламалары орын алған.

Пандемия дәўиринде халықтың кеўлин көтериў  ҳәм оларға жоқары  кейпият бағышлаў мақсетинде көркем өнер ғайраткерлери, спортшылар, жазыўшы, шайырлардан  ибарат топар дүзилген.

Өткерилип атырған илажда – жаңаланыў жолында мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар, халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаў бағдарындағы ийгиликли ислер, мийнеткеш халқымыздың быйылғы сынақлардан  аўызбиршиликли түрде шығысып атырғанлығы атап өтилди.

Үгит-нәсият  жумыслары Нөкис қаласы, Қоңырат, Шоманай, Мойнақ, Төрткүл, Беруний, Бозатаў районларында өткерилди ҳәм республикамыздың барлық аймақларында даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги