Мүбәрек Рамазан айында республикамызда кең көлемли қайырқомлық илажлары өткерилмекте.

Пайтахтымыздағы «Meridian» ресторанында «Дәўранбек-Байрамбек» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қәўендерлигинде Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтың естелигине бағышлап қайыр-сақаўат илажы өтти. Оған  «Жийдели Байсын» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы нураный кекселер, кем тәмийинленген шаңарақлардың ағзалары қатнасты.

Илажда атап өтилгениндей, елим деп, журтым деп, жанып жасаған инсанлардың мәртлик ислери ҳеш ўақытта умытылмайды. Солардың бири, ғәрезсиз мәмлекетимиздиң тийкарын салыўшы, өзиниң көп қырлы сиясий жумысы, уллы инсаныйлық пазыйлетлери менен Ўатанымыздың көп әсирлик тарийхында өшпес из қалдырған Биринши Президентимиз Ислам Әбдиғаниевич Кәримов болды. Оның ана Ўатанымыздың ғәрезсизлиги, ел-журтымыздың раўажланыўы жолындағы уллы тарийхый хызметлери халқымыздың жүрек түринен орын алған.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 25-январьдағы «Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың естелигин мәңгилестириў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Пайтахтымыздағы орайлық көшелердиң бирине  Биринши Президентимиздиң аты берилди. Жоқары оқыў орынларының студентлери ушын Ислам Кәримов атындағы мәмлекетлик стипендия енгизилмекте.

-Саўап исти ҳәр ким, ҳәр күни ислеўи керек,-деген еди Биринши Президентимиз И.Кәримов,-дейди нураный Каипбай Тажетдинов.-Аймағымызда 1063 шаңарақта 7 мыңнан аслам халық беккем аўызбиршиликте жасап, мийнет етип келмекте. Мүбәрек Рамазан айы мүнәсибети менен Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың естелигине  бағышланған қайыр-сақаўат илажын өткериўге қәўендерлик еткен «Дәўранбек-Байрамбек» жуўапкершилиги шекленген жәмийети жәмәәтине, «Жийдели Байсын» мәкан пуқаралар жыйыны басшыларына миннетдаршылық билдиремиз.

Илажда Биринши Президентимиздиң елимиздиң ҳәр тәреплеме гүллеп-раўажланыўы, халқымыздың абадан турмысы, жасларымыздың айдын келешеги жолында ислеген пидәкерлик мийнети және бир мәрте атап өтилип, оның естелигине ҳүрмет көрсетилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.