Қарақалпақ баспасөзи, журналистикасы аўыр жоғалтыўға ушырады. Усы жыл 7-ноябрь күни излениўшең, пидайы журналист, балалардың бирден-бир сүйикли басылымы ­ «Жеткиншек» газетасының Бас редакторы, кәсиплесимиз Абдулла Ембергеновты 48 жасқа қарағанда қыймас көз жаслар менен соңғы мәнзилине узатып салдық.

А.Ембергенов l973-жыл 30-март күни Шымбай районында дүньяға келди. Орта мектепти табыслы тамамлаған ол l99l-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика қәнигелигине оқыўға кирди. l996-жылы жоқары маманлықтағы қәнигеликти ийе­леген кәсиплесимиз дәслепки мийнет жолын жаслық жигер менен республика жасларының «Қарақалпақстан жаслары» газетасында әдебий хызметкерликтен баслады. Ҳәр қыйлы жанрда жазған мақалалары, көтерген турмыслық машқалалары менен жас талант ийеси тәжирийбели устаз журналистлер нәзерине түсип, еки жылдан соң республикамыздың бас басылымы ­ «Еркин Қарақалпақстан» газетасына жумысқа алынды.

Өзгеше изленис, тынымсыз талпыныс пенен үлкен газетада дәслеп агросанаат редакциясында дөретиўшилик жумыс алып барған ол соңынан газетаның түслик районлар бойынша өз хабаршысы сыпатында пидайы хызмет атқарды. Жазған мақала, очерклери, сүўретлемелери менен оқыўшылар дийдинен шығып, талантлы журналист сыпатында танылды. Ҳәмийше өз үстинде изленисте жүретуғын кәсиплесимиз «Еркин…»ниң жуўаплы хаткери лаўазымында ислеп, газетаның дизайнин жаңалап, шырайлы ҳәм мазмунлы шығыўында айрықша талантын көрсете алды.

Ҳақыйқый шыңланыў жолына түскен А.Ембергенов 20l0-жылы балалардың бирден-бир басылымы ­ республикалық «Жеткиншек» газетасы жетекшиси болып та­йынланып, бүгинги күнге шекем газетаның қызықлы, мазмунлы болып шығыўында бар билим ҳәм ис-тәжирийбесин жумсап өзин көрсетип келди.

Талантлы кәсиплесимиз қысқа өмири даўамында қарақалпақ баспасөзинде, журналистика тараўында өз орнын тапқан, абырай арттырған инсан еди. Жәмәәтте жоқары инсаныйлық пазыйлети, кәсибине болған сүйиспеншилигиниң арқасында халықаралық, соның менен бирге, қатар республикалық таңлаўлардың жеңимпазы болды. Жоқары уйымлардың Ҳүрмет ҳәм мақтаў жарлықлары, ғәрезсизлигимиздиң юбилейлик көкирек белгилери менен сыйлықланды, бирнеше шәкиртлер таярлады.

Ҳәмийше жайнап-жаснап жүретуғын әпиўайы инсан, әдиўли әке, талантлы журналист Абдулла Ембергеновтың жарқын келбети бизлердиң қәлбимизде узақ сақланып қалады.

Топырағың торқа, руўхыңыз шад болсын, әдиўли кәсиплес!

Қарақалпақстан Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими, «Еркин Қарақалпақстан»-«Вести Каракалпакстана» газеталары дөретиўшилик жәмәәтлери.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги