Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспесиниң үлкен мәжилислер залында аймақтың ҳәр қыйлы мийнет жәмәәтлеринен сайланған 21 делегат және республикамыз белсендилери, сондай-ақ, бирлеспениң нураныйлары Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының VIII Қурылтайын онлайн тәризде бақлап бармақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары Мурат Камалов ҳәм Министрлер Кеңеси Баслығы Қаҳраман Сариев қурылтай жумысында онлайн қатнаспақта.

Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик аўқамлары шөлкемлери Кеңесиниң баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы Улуғбек Жәлменов қарақалпақстанлы делегатлар арасынан сөзге шығып, илаж қатнасыўшыларын қутлықлады ҳәм Президентимиз басшылығында Қарақалпақстанда әмелге асырылып атырған ийгиликли жумыслардың жедел түрде алып барылып атырғанын айрықша атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги