ЕСЛЕЎ
Ол мениң жумыс кабинетиме қәдимги ис пайытында кирип келди. Аты әллеқашан көпшиликке таныс болған, исенимли-исенимсиз гәплерге себепши болған, таныйтуғынлар танымайтуғынларға сыртынан көрсететуғын, адамлар сыртынан узақ ўақыт бас шайқасып туратуғын қыз.
Үстинде ақ плащ, шашларын желке бетине таманлаў жыйнаған, жаўдыр ала көзлеринде муң бардай… Узын-узын кирпиклери усы муңды қуўаныш пенен алмастырып жибергиси келгендей серпилип-серпилип кетеди.
Мен шаршадым, – дед иол, адамлардың мени гүналап баққан көзлеринен шаршадым. Қайғыдан, азаптан шаршадым. Мен Замира Хожаназарова менен сол бир аты шаўқымлы болып ел ишине тарап кеткен өлимине себепши болған жол авариясында машинада бирге отырған қызбан.
Эстрада ықласбентлериниң барлығының жүзлерине қайғы торлап, әжел аталмыш залым Замираға қанлы пәнжесин урған ўақытта қасында отырған, соңғы демлерине гүўа болған қыздың жүзлерине үнсиз нәзер таслайман. Ол бул нәзерлерден тайсалмайды. Себеби, ол отлы нәзерлерге төтепки бериўге мәжбүр болған нашар.
Бир сумлық боларын мениң жүрегим бес-алты күн бурын-ақ сезип еди, – дейди ол. Бир күни Замираның анасы қапа болып отырғанының үстине бардым. Ол, қызым-ай, Замира менен сөйлес, түни менен жылап шықты, саған айтады ғой, – деди. барсам Замира жүдә қапа, көзлери қызарып кетипти.
Ҳе, не болды? – деген сораўыма ол:
Егер мен өлип қалсам, сен не қылар едиң? – деп қарсы саўал қойды.
Қойшы, қайдағы гәпти таппай, биреў кеўлиңе тийди ме? – дедим әжепленип.
Яғ-аў, мен өлип қалсам, саған қыйын болатуғын шығар, – деп суўық демин алды. Түсиме бир-еки жыллықта жол авариясынан қайтыс болған Жуманазар ағам енип жүр. Қолымнан услап бир жақларға әкетеди. Группадағы қайтыс болған бир бала да «Замира, маған сенсиз кеўилсиз» деп бес бармағын жүзиме басып алды.
Замираның мына гәплеринен мениң етим түршигип кетти. Аўылда өскениме бола ма, түс жорыўға еплеп уқыбым бар еди.
Қой, қан шығарып садақа тарқатып жибермесең болмас, – дедим.
Бес-алты күннен кейин оның туўылған күни еди. Ол туўылған күнине ақшаларын жыйнастырып бир қой алып, садақа деп есапламақшы болды.
Сол қайғылы ўақыя болатуғын күни бизлер Тахтакөпир районына, бизиң үйге келдик.
Жолда кетип баратырып Соршаның қасына жақынлағанда бурылып:
Түбинде бәримиздиң де келетуғын жеримиз ғой-я, – деди муңлы.
Пай, қайдағы гәплерди табасаң-әй, – дегениме:
Ойнап айтаман-аў, – деди де қойды.
Түни менен Нөкистеги үйде қонақлар болып, (Замираның туўылған күнин белгилеген едик) оңлап уйқылай алмағанымыз себепли жатып дем алмақды болды. Замира үш-төрт рет шоршып оянып: Бул не тас қараңғы, кеш болып кетти ме, пердени аш-шы, – дегенлери еле қулағыма еситиледи.
Дала жап-жақты еди.
Ҳаў, еле еп-ерте, жақты ғой, – дегенимнен кейин барып:
Ҳаў, жап-жақты екен ғой, – деп қайтадан орнына жатады.
Мен уйқылап атырғанда орнынан турып бетин, көзлерин бояпты да, қайтадан жатыпты. Буны ерси көрген сиңлим: Замира, сениң боянғаның не, қайтадан жатқаның не? – деген екен.
Әй, боянып қалайық-тә, – депти.
Мен тийкарында сол сапары Нөкиске қайтпаўым керек еди. Үйде той болайын деп атыр, анаў-мынаўға көмеклесиўим керек… Замира қоймады: Жүрсе, кешки саат жетиде қонақлар келиўи керек, – деп.
Қазандағы писип турған аўқаттан асығыс аўыз тийдик те жолға шықтық.
Машинаны басқарып киятырған балаға:
Сен әстерек айда, қасыңда неше мыңлық қыз отырғанын билесең бе? – деп айтып аўзымды жумғаным жоқ, ойға қарап домалап кетип баратырғанымызды ғана билемен.
Нениң не екенлигин, не жағдай жүз бергенлигин арадан он күн өткеннен кейин билдим…
Адамлардың буны «қудайлық ис» деп қоя қоймайтуғынлығын, мениң өмирим сол күннен баслап түп-тамырынан өзгерип кеткенлигин анам менен бирге Замираның ата-анасына кеўил айтыў ушын барған күни түсиндим. Гүналап баққан көзлер, түнерген жүзлер «сен үйиңе ертип кетпегенде сол ўақыя болмас еди» дегендей болып, үнсиз жаңғырар еди.
Рас, Замираның туўысқанлары, аға-инилери, жеңгелери ўақыяны дурыс түсинип қосыла қыйналып атыр…
Халық арасында жүрген ҳәр түрли сыпсың гәплер қулағыма жетип, сай-сүйегимди сырқыратады. Сол күни Замира өлип, мен тири қалғаным гүнадай сезиледи.
Мен Замираның ең жақын досты екенлигимди, оның ҳәттеки ата-анасы, туўысқанлары биле бермейтуғын қуўаныш-қайғыларына шерик болғанларымды, журтлар бир рет қыйналса, мен еки есе азап шегип жүргенимди ҳешким мойынлағысы келмейтуғындай…
Күйип кеткен ўақытларымда Замираның қәбирине бараман да: «Бүйтип мени отларға таслап кеткенше неге өзиң менен алып кетпедиң» деп тап бир ол тиридей шағынаман.
Замира түслериме аян береди: «Мени тынышыма жатқармадың ғой. Үйге барып айтсаң, бәрин түсинеди ғой» деп қабақларын үйип күйип-писеди.
Гейде екеўимиз бәндиргиде машина күтип турамыз. Автобус я такси келеди де, Замира асығыс: «ал, мен кеттим, сени әкетер едим, сен ол жақларға көнликпейсең-аў» дейди де бир өзи артына бурылмастан жөнеп кетеди…
Қарсы алдымда отырған қыз көз жасларын қол орамалы менен сүртип бираз отырды.
Замираның естелигине бағышланған эстрада қосықшыларының конкурсы күни шетте елеспесизлеў орында усы қыздың орамал тартып отырғанын көргенмен, әдетте қыз балалар азалы ўақтында ғана көпшиликке орамал тартып шығады.
Тек ғана сол қаралы кеште аўдарылған машинаның ишинде бирге болғаны ҳәм тири қалғаны ушын өзин айыплы сезип, муңларға батып турған бул көзлер Замираның ең жақын досты екенлигиниң сессиз гүўасындай…
АЙТПА «АЙРАЛЫҚ»ТЫ, ЖАНЫМ ЗАМИРА!
3амира Хожаназарованың естелигине
Бийопа муҳаббат, бийопа дунья,
Тәғдирдин исине жоқ дейди шара.
Ҳаўазына ашық мынларды ая,
Айтпа «Айралық»ты, жаным Замийра!
Бул қайғылы нама боларма ада,
Аҳ урып руўҳың шегип тур нала,
Муң, сағыныш толы көзлерди қара,
Айтпа «Айралық»ты, жаным Замийра!
Кызғалдақ лаладай мезгилсиз солған,
Айрылып арадан кеткениң жалған.
Усылай хошласып турғаның әрман,
Айтпа «Айралық»ты, жаным Замийра!
Бул өмир сен ушын болмады сәтли,
Жаңламас хош лапыз ҳаўазың енди.
Бир талант арада жанды да, сөнди,
Айтпа «Айралық»ты, жаным Замийра!
Шынаргүл ПАХРАТДИНОВА,
Өзбекстан журналистлери дөретиўшилик
аўқамыныӊ ағзасы, шайыр.
Қарақалпақстан хабар агентлиги