Денсаўлықты сақлаў министриниң тийисли буйрығы менен Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайының Қарақлпақстан филиалы директоры ўазыйпасында ислеп келген Қурбанов Мурат Исмаилович Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри етип тайынланды.
Медицина илимлериниң кандидаты Мурат Қурбанов Хожели районы медицина бирлеспеси бас шыпакери, Республикалық онкология диспансериниң бас шыпакери сыяқлы жуўапкершиликли лаўазымларда ислеген.
ӨзА