Нөкис қаласы ҳәкиминиң 2020-жыл 3-ноябрь күнги 130-б санлы бийлигине муўапық, 2020-жылдың 4-ноябрь сәнесинен 1-декабрь сәнесине шекем Нөкис қаласындағы Өзбекстан гүзары ҳәм Әмир Темур көшелери кесилиспелери, сондай-ақ, Өзбекстан гүзары ҳәм Ерназар бий палўан көшелери кесилиспелери аралығындағы 1 725 метр аралықтағы ишки жолларда ҳәрекетлениў ҳәм автотранспорт қуралларының ҳәрекет етиўи ўақытша шекленеди. Бул ҳаққында қала ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Хабарда жазылыўынша, ишки жолларға тийисли ҳәрекетлениўди қадағалаўшы жол белгилери, қыстаўлы тез жәрдем ҳәм өрт қәўипсизлиги автотранспортларының усы аймаққа кирип-шығыўын есапқа алған ҳалда тосықлар орнатылады.