ЕСЛЕЎ 

Қарақалпақтың маңлайына жулдызлар онша көп сыя бермеген. Бунда мәдениятымыз тараўындағы жулдызлардың арамыздан ерте кеткенлигин нәзерде тутып отырмыз. Даўытбай Қайыпов, Жақсымбай Бекмуратов, Замира Хожаназарова… Олардың ҳәр бири тәкирарланбас ерекше талант еди. Олардың үшеўи де гүз паслында өмирден биймезгил көз жумды…

Ол сахнаға биринши рет l98l-жылы шықты ҳәм бирден көзге түсти. «Оның тамашагөйлер алдында қосық айтқанынан гөре, жекке қалғанда кеўилге қонымлы намаларды өзинше ыңылдап жүргени көп болды ҳәм бирден ойда-жоқта үлкен сахнаға аңсат ғана жол алыў ойына кирип те шықпаған еди.

Итимал, сол 9-май байрам концертине қатнаспағанда Замира көпшиликтиң тилине еле де кеширек түсерме еди, ким билипти? Бирақ, усы концерт эстраданың жаңа бир талантын ашқан еди».

«Жас Ленинши» газетасының l98l-жылы l4-июль санындағы «Ҳәр кимниң өз қосығы…» атлы мақалам усылай басланған еди (әлбетте, өз мақаламнан көширме алғаным ушын оқыўшылардан кеширим сорайман).

Шынында да, З.Хожаназарова үлкен сахнаға бирден күтилмегенде шықты да, көпшиликтиң жүрегин жаўлап алды. Буның баслы себеплериниң бири ­ республикамызда сол ўақытта эстрада жанрындағы қосықшылардың жоқлығынан болса, екиншиси ­ жас таланттың келешегиниң жарқын екенлигинде еди.

Ташкенттеги Островский атындағы театр ҳәм сүўретшилик институтының төртинши курсында оқып атырғанда сахнада атқарған дәслепки қосықлары қазақша «Әлия», орысша «Цвети земля моя», «Березовые сны» болды. Ҳәр қалай булар белгили қосықшылардың айтып жүрген дөретпелери болса да, Замира усылар менен тамашагөйлер алдына шығыўға мәжбүр болды. Өйткени, үлкен сахна оның ойында да болмады, бул тек басқа қосықшылардың талантына ҳәўес, оларға умтылыў, ықлас ғана еди. Усы ықлас оны қарақалпақ әдебияты ҳәм искусствосының Татарстандағы күнлерине қатнасыўына себепши болды, бул өз гезегинде искусстводағы қатаң сынақ та болғанын айтыў керек.

­ «Мениң бирден үлкен сахнаға жол алғаным бир жағынан қуўанышлы ҳәм бир жағынан қолайсыз да, – деген еди сол сапары З.Хожаназарова, ­ өйткени, ҳәр қосықшы өз қосығы менен шығыўы керек. Мәселен, Алла Пугачева өз қосығын табыўы ушын l0 жыл сахнаға шықпады. Он жылдан соң «Арлекино»ны айтып шыққанда ол «Өз дүньясы менен бирден жарқ етти. «Әлия» Роза Рымбаеваны тек елимизге ғана емес, шет еллерге де танытты. Әлбетте, мен өзимди олардың қатарына қойып атырғаным жоқ. Гәптиң рети келгенде айтып атырғаным ғой, ақыры ҳәр кимниң өз қосығы болыўы керек емес пе? Ал, мен үлкен сахнаға «басқалар»дың қосығы менен шықтым. Нөкиске келгенимде «күнлерге» кететуғын коллектив таярлықты әлле қашан-ақ баслап жиберген еди. Сонлықтан да, бар репертуарым менен қатнасыўға туўра келди. Излениў ушын ўақыт тар еди. Адамлардың кеўлине қонымлы нама табыў да аңсат емес, – деп жуўмақлады сөзин ол».

Оның усы сөзлеринен-ақ искусствоға болған ҳақыйқый көз-қарас, жан пидайылықты көриўге болады. Ол искусствоны жеңил-желпи кәсип, күн-көрис деп емес, ал, оны ҳақыйқый өмир деп түсинди.

Излениўлер, өз үстинде көп ислеў оны және де кеңирек танытты. Нағыз қарақалпақша эстрада қосықлар, миллий қосықлардың қайта исленген вариантлары халықтың кеўлинен жыллы орын алды.

З.Хожаназарованың қарақалпақ эстрадасын бир басқыш бәлентке көтергенин кимлер мойынламас екен? Соңғы жыллары оның репертуары қарақалпақ миллий қосықлары менен байыды. Әлбетте, булар баҳаланбай қалмады. Қарақалпақстан Жаслар аўқамы сыйлығының лауреаты деген уллы атақ оның талантына, мәдениятымызды байытыўға қосылған үлеске берилген баҳа еди.

Бирақ, биймезгил әжел оны таланты өсип-гүллеген пайтында арамыздан алып кетти. Бирақ, З.Хожаназарованың атын мәңгилик етиў ҳаққында ҳеш нәрсе исленбеди, оның қарақалпақ мәдениятындағы орны туўралы ужыбатлы ҳеш нәрсе айтылмады.

Дурыс, бир ўақытлары Нөкис қалалық комсомол комитети оның атына жас талантлардың конкурсын шөлкемлестирди, пропаганданың дурыслы болмаўынан бул да елеспесиз қалып кетти.

Мақаланың басында Д.Қайыпов, Ж.Бекмуратовларды қатар тилге алған едим. Буның себеби ­ бизлер, айырым тийисли орынлар негедур усындай талантларымызды өлиминен соң тез умытамыз. Умытқанда да қосығын, ушырма сөзлерин тыңлап жүрип, оның атын ис жүзинде мақтаныш етиўди ядымызға алмаймыз. Мәселен, Даўытбай менен Жақсымбайдың атын мәңгилик етиў ҳаққындағы мәселелерди арадан ўақытты өткерип қолға алып атырмыз. Бирақ, еле де исимиз көринбей атыр. Басқа халықлар бундай ул-қызларын көклерге көтермелеп атырғой. Бизиң басқалар менен жарысымыз жоқ, деген менен, адамгершилик парызымызды, өзлигимизди умытпайық.

Замира Хожаназарова да усындай болып умыт қалмасын, бизиң айтажағымыз усы. Ҳәр жылы Қарақалпақстан Мәденият министрлиги түрли конкурс-көзден өткериўлерди шөлкемлестирмекте. Солардың бирин З.Хожаназарованың атына қойыўға болмас па екен? Сыйлық шөлкемлестириў туўралы да ойлап көрген мақул шығар? Республикалық Жаслар аўқамы оның мийнетлерин тилге тийек етип, оның аты менен жас қосықшылардың көзден өткериўи яки конкурсын ҳәр жылы өткериўине толық мүмкиншилиги бар. Булардың бәри де қолдан келетуғын жумыс ҳәм оның тәрбиялық әҳмийетин айтып отырыў артықша. Сол ушын бул мәселени кешиктирмей қолға алыў керек, деп ойлаймыз.

…Оның өмири қосықлардан ибарат еди ҳәм ол бир демде ағып өтти де кетти.

Енди болса, қосықлардағы өмири қалды ҳәм ол жасай береди. Биз де буның қәдир-қымбатын дурыс түсинейик.

 

Кеңесбай РЕЙМОВ,

Өзбекстанға хызмет көрсеткен журналист

 

 

БҮЛБИЛИМ

 

 

Қосық гүлзарында әжеп намаларға сайрап турған жаслық ­ бәҳәр

 паслында әжел оғы тийген хош ҳаўаз бүлбил Замира Хожаназарованың руўхына

 

Зибаның сан муқам сазда сайрады,

Кеўилиң жипекдур, жаның жайдары.

Гүнайың не? Тәғдир тисин қайрады…

Өмир отаўыңның жаўып түнлигин.

 

Таң сәҳәр… жулдыздай болыпсаң ғайып,

Әрманың аҳ шегер шашларын жайып,

Ығбал айдынларың қалды ылайып,

Басыңда мәңгилик ҳижран сүргини.

 

Дүнья ­ дәрья. Өмир, өлим ­ қос дарға,

Қайығың жүздирер, я урар жарға,

Көрисиў бар, хошласыў жоқ па дос-ярға,

Қаңтарыўлы қалды илҳам-дүлдилиң

 

Муза жолларыңа қосық төседи,

Енди шадлық көксин қайғы кеседи.

Еккен гүлиң сенсиз жылап өседи,

Изиңде дәрбәдар жаслық ­ дилгириң.

 

Шын тулпар тыпыршып төзбес байлаўға,

Жоллар тар, тосық көп өмир ­ айлаўда.

Кеўлиң ғайры нағыс, йошып сайраўға,

Бийқарар едиң ғой серхош бүлбилим

 

Қыял атың талай үркип шегинди,

Ғам-дәрт арбасына мәгар жегилди.

Гүллеген шағыңда гүлиң төгилди,

Дилбар дилўарлығың, шийрин тиллигиң…

 

Бүлбил жүрегине атып садағын,

Әжел тәрк әйлетти өмириң бағын,

Сынды әрман толы Алтын қадағың,

Он гүлиңнен ашылмады бир гүлиң

 

Халила ДАЎЛЕТНАЗАРОВ,

Қарақалпақстан халық шайыры

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги