Гавайи университетиниң Астрономия институты илимпазлары топары 2068-жылы Жер менен соқлығысыўы мүмкин болған Апофис астероиды ҳәрекетиндеги өзгерислерди анықлады. Бул ҳаққында «Xabar.uz» жазбақта.
Астероидты бақлаў процесинде изертлеўшилер сырттан термал нурланыў себепли күндиз ысып, түнде суўып кетиўи нәтийжесинде өз орбитасынан жылына 170 метрге бурылыўын анықлады.
Бул жағдай анықланыўынан алдын илимпазлар 2068-жылы Жер менен жүзеге келиўи мүмкин болған соқлығысыў дәрежесин төмен баҳалаған еди. Бирақ, енди изертлеўшилер астероид Жер менен соқлығысыўы ҳәм бул үлкен апатшылық келтириўи мүмкин деп есапламақта. Анық мағлыўматларды алыў ушын қосымша бақлаўлар өткерилиўи керек болады.
Еслетип өтемиз, диаметри 325 метр өлшемдеги Апофис астероиды 2004-жылы анықланған.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.