Бүгинги күнде елимизде жүз берип атырған өзгерислер менен реформалардың барлығы халқымыздың турмысынан разы болыўы ҳәм ертеңги күнге болған исенимин әмелде беккемлеўине хызмет етпекте.

Президентимиздиң «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген принципин әмелде орынлаў, халқымыздың мәмлекетлик уйымларға ҳәм олар тәрепинен көрсетилип атырған хызметлерге исенимин ақлаў мақсетинде Нөкистеги «Наўқан бағ», «Нәўбәҳәр» ҳәм «Телеорай», «Жеке терек» мәкан пуқаралар жыйынларында қалалық Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери тәрепинен карантин талапларына бойсынылған ҳалда гезектеги көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетилди.

Илаж даўамында пуқара Зухра Халмуратова коммуналлық тармақларға жалғаныў ушын мүрәжат етти. Оның мүрәжаты электрон түрде тийисли ўәкилликли уйымларға сол ўақыттың өзинде жеткерилди.

– Бурын коммуналлық тармақларға жалғаныў ушын ҳәр бир мәкемеге өз алдына барыўға, олар ҳәр жерде жайласқаны себепли жумысларымыз еки күнсиз питпейтуғын еди. Бүгин Мәмлекетлик хызметлер орайы ўәкиллери жасап атырған аймағымызға келип хызмет көрсетип атыр. Олар қысқа ўақыт ишинде ҳүжжетлеримди таярлап, халыққа зәрүрли хызметлерди көрсетип атырғанынан кеўлим толды, -дейди З.Халмуратова.

Буннан тысқары, аймақтағы халықтың перзентлерин мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жайластырыўға гезекте турыў, газ ҳәм ишимлик суўы есаплағышларын мәмлекетлик стандарттан өткериў, пуқараның бурын судланбағанлығы, наркологиялық ҳәм руўхый кеселликлер бойынша диспасерлик есапта жоқлығы ҳаққында мағлыўматнама алыў менен байланыслы машқалалары шешимин таўып, 100 ден аслам хызметлер көшпели түрде көрсетилди.

Халқымызға тек ғана көшпели хызметлер көрсетилип қоймастан, олардың ҳуқықый билимин арттырыў мақсетинде нызамшылықтағы ҳәм мәмлекетлик хызметлер бойынша жаңалықлар менен таныстырылып, зәрүр ҳүжжетлер тарқатылды.

 

Қ.ОСПАНОВА,

Нөкис қаласы Мәмлекетлик хызметлер орайының бөлим баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги