Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 28-октябрь күни мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды реформалаў және мәмлекетлик активлерди меншиклестириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Ҳәммемизге белгили, усы жылдың 27-октябрь күни мәмлекетимиз басшысының усы бағдардағы пәрманы қабыл етилген еди. Мәжилисте усы ҳүжжетте белгиленген ўазыйпалардың әмелий тәреплери додаланды.

Пәрман қосымшаларына муўапық, 2 мыңнан аслам мәмлекетлик активлерге тийисли мәселелер тастыйықланған. Соннан 479 кәрхана ҳәм 15 көшпес мүлк  саўдаларға қойылады. 62 кәрхана меншиклестириўге таярланады, 32 кәрхана ҳәм тармақ транформацияланады, 507 базар жумысы жетилистириледи. Буннан тысқары, алдыңғы қарарларда көрсетилген 386 және сатыў ўәкиллиги ҳәкимлерге берилген 559 объект саўдаларға шығарылады.

-Ашық айтыў керек: алдын да меншиклестириў бойынша көплеген қарарлар қабыл етилген. Бирақ бир басшы төменге түсип, бул тараўдағы билим ҳәм методиканы орынларға жеткермегени себепли көп кәрхана ҳәм объектлер сатылмастан тур, я мәмлекетке, я исбилерменге пайда келтирип атырған жоқ,-деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте усы бағдардағы әҳмийетли бағдарлар көрсетип өтилди. Бәринен  бурын, исбилерменлерге усыныс етилетуғын 479 кәрхананың ҳәр бирине айрықша қатнаста болыў, оларды әпиўайыластырылған тәртипте саўдаға шығарыў керек екенлиги атап өтилди.

Мәселен, Қаршы қаласындағы «Техникалық оңлаў-комплектлеў» кәрханасының 2 гектар жер майданы ҳәм 6,5 мың  квадрат метрлик имаратларынан пайдаланылмай атыр. Ҳәзирги ўақытта, бул жерде жүзлеген исбилермен өз бизнеси ушын жер ажыратыў ҳаққында мүрәжат еткен. Бундай мысалларды ҳәр ўәлаятта көплеп табыў мүмкин.

Соның ушын, бос жер ҳәм имаратларды хатлаўдан өткерип, кәрханалардың талабынан артығын аукционға шығарыў зәрүр екенлиги айтылды. Бурын қабыл етилген қарарлар шеңбериндеги және сатыў ўәкиллиги ўәлаят ҳәкимлерине берилген мәмлекетлик объектлерди меншиклестирип, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў бойынша көрсетпе берилди.

62 ири кәрхананы алдын инвестициялық тартымлылығын арттырып, кейин меншиклестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мысалы ушын, «Қоқанд нефтгаз пармалаў жумыслары» кәрханасының жыллық түсими  85 миллиард сум болса да, сап пайдасы үлкен емес.

Ямаса, «Хорезмсуўқурылыс» кәрханасы соңғы 2 жылда пайда алмаған. Янгиариқ районында усы кәрханаға тийисли 1 гектардан аслам жер майданы ҳәм 3 мың квадрат метрден  артық дәрамат келтирмейтуғын имаратлары бар.

Жуўапкерлерге бундай кәрханаларды меншиклестириўден алдын «диагностика»лаў аудиттен өткериў ҳәм есап-санағын дурыслаў бойынша мәнзилли бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекетлик жойбарлаў институтларын трансформациялаў мәселелерине тоқтап өтилди.

Елимизде ири қурылыс кәрханалары көбейип бармақта. Оларды мәмлекетлик жойбарлаў институтлары менен кооперация арқалы байланыстырып, жойбарлардың сапасын арттырыў, басқарыўды жақсылаў мөлшерленбекте.

Биринши болып, үлги сыпатында «Аўыл қурылыс жойбарлаў», «Аўыр санаат жойбарлаў», «Георангмет ЛИТИ», «Қалақурылыс ЛИТИ», «Тас турақ жай ЛИТИ», «Ташкент басплан ЛИТИ»  жойбарлаў институтларында усы жаңа системаның енгизилиўи белгиленди. Жойбарлаў институтларындағы мәмлекетлик үлес кейин ала бирге ислесиўши қурылыс шөлкемлерине сатылады.

Мәжилисте базарлар менен байланыслы мәселелерге де итибар қаратылды. 500  ден   аслам базар ҳәм саўда комплекслериндеги мәмлекет қатнасын түп-тийкарынан қайта көрип шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Ҳәзирги күнде олардың 23 и зыян менен ислеп атыр, 210 ы болса төмен рентабельли.

Бундай шараятта базарларды  ҳәм саўда, ҳәм дем алыў, ҳәм кеўил ашар орайларға айландырыў жақсы экономикалық нәтийже береди. Сол мақсетте жойбарлар ислеп шығылып инвесторлар арасында таңлаў жәрияланатуғыны айтылды. Таңлаў жеңимпазына ең жақсы шәртлерде банк кредити ажыратылады. Сондай-ақ, исбилермен базар дәраматын арттырып, салық түсимлерин ҳәм жумыс орынларын турақлы көбейтип барса, оған базардың мәмлекетлик үлесин бөлип-бөлип сатып алыў имканияты бериледи.

Президент пәрманында 32  ири мәмлекетлик кәрхана ҳәм хожалық бирлеспесиниң трансформацияланатуғыны белгиленген. Атап айтқанда, «Өзхимиясанаат», «Өзавтосанаат», «Өздәнөним», «Өзсуўтәмийнат» шөлкемлериниң пүткил системасы трансформацияланады. Усы мақсетте Қаржы министрлигинде өз алдына департамент шөлкемлестирилди.

Жуўапкерлерге қалған тармақларды да терең анализлеп, трансформация бойынша усыныслар таярлаў ўазыйпасы қойылды.

Халық ҳәм исбилерменлерге толық мағлыўмат беретуғын меншиклестириў мәсләҳәт клиникалары және колл-орай шөлкемлестириў, методикалық қолланба таярлап, орынларға жеткериў зәрүр екенлиги айтылды. Сондай-ақ, телевидение арқалы да меншиклестириў бағдарында мағлыўмат берип барылады.

Олий Мажлис палаталарына Президент пәрманының мәнисин кеңнен түсиндирип, меншиклестириў процесслериниң ҳадал ҳәм ашық-айдын өтиўинде парламентлик қадағалаўды орнатыў усыныс етилди. Сондай-ақ, меншиклестириў және мәмлекетлик мүлкти басқарыўға байланыслы нызам жойбарларын ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Видеоселектор мәжилисинде додаланған мәселелер бойынша Бас министрдиң орынбасарлары, тармақ басшылары ҳәм ҳәкимлер есап берди.

 

ӨзА