МҒКА да елимизде тәлим-тәрбия системасын жетилистириў, илим тараўын раўажланырыў мәселесинде қабыл етилиўи күтилип атырған Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманының жойбары бойынша баспасөз әнжуманы болып өтти.
Әнжуманда қатнасқан Халық билимлендириў министри Шерзад Шерматовтың атап өтиўинше, класс басшылығы ушын төлемлер 1,5 есеге арттырылады. Методистлердиң мийнет ҳақы муғдары жоқары категориялы оқытыўшының базалық тариф ставкасы муғдарына теңлестириледи.
Питкериўшилердиң ЖООларға оқыўға кириў көрсеткишлери жоқары болған улыўма билимлендириў мәкемелериниң басшы хызметкерлери хошаметленеди. Сондай-ақ, халықаралық пән олимпиадалары жеңимпазлардың оқытыўшыларына тиккелей жоқары қәниге категориясы бериледи.
Министрдиң айтыўынша, 2024-жылға шекем жоқары нәтийжелерге ерискен педагоглардың айлық мийнет ҳақысына төлеўдиң ең аз муғдарының 15 есесине шекем басқышпа-басқыш арттырылады.
Халық билимлендириў хызметкерлерин хошаметлеў қорлары шөлкемлестириледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги