2021-жыл 1-сентябрьге шекем ҳәр бир аймақта кеминде биреўден мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкеми шөлкемлестириледи.

Бул ҳақында МҒКАда өткерилип атырған баспасөз әнжуманында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң орынбасары Узақбай Бегимкулов мәлим етти деп хабар береди xs.uz.

Атап өтилиўинше, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте әмелге асырылатуғын бул жаңалық жоқары билимлендириў тараўында саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў, жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў  мақсетинде әмелге асырылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги