Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары
Денсаўлықты сақлаўды реформалаў мәмлекетлик бағдарламаларының әмелге асырылыўы нәтийжесинде жоқары технологиялы қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиўдиң принципиаллық жақтан жаңа системасы шөлкемлестирилди. Республикада қәнигелестирилген медицина орайлары, соның ишинде, хирургия, кардиология, көз микрохирургиясы, урология, акушерлик ҳәм гинекология, педиатрия, эндокринология, терапия ҳәм медициналық реабилитация, дерматология ҳәм венерология, фтизиатрия ҳәм пульмонология (кейинги орынларда – Республикалық орайлар) саласында заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленген ҳәм жоқары маманлықтағы шыпакерлер менен толықтырылған қәнигелестирилген медицина орайлары жумыс алып бармақта.
Соңғы бес жылда Республикалық орайларда 150 мыңнан аслам операциялар, соның ишинде, 80 мыңнан зыят жоқары технологиялы оператив емлеў ислери алып барылды, емлеўдиң қыйын ҳәм теңи-тайы жоқ усыллары әмелиятқа енгизилди.
Соның менен бирге, қәнигелестирилген жоқары технологиялы медициналық жәрдем көрсетиў тийкарынан Ташкент қаласында жәмленген, бул республика регионлары халқының тийисли хызметлерден пайдаланыўын шеклеп қоймақта. Заманагөй диагностика ҳәм арнаўлы медицина үскенелери менен толық тәмийинленбегени, заманагөй үскенелерде ислеў ушын шыпакерлердиң жеткиликли түрде таярланбағаны себепли жоқары технологиялы медициналық жәрдемниң айырым түрлеринен республика халқы пайдалана алмай атыр.
Орайлар тәрепинен илимий-изертлеў жумысларының толық алып барылмаўы, әсиресе, жуқпалы кеселликлердиң ҳәр қыйлы саласында, соның ишинде, социаллық қәўипли, онкологиялық және аз таралған кеселликлер саласында ең қәўипли ҳәм қурамалы кеселликлердиң тарқалыў тенденциясы менен нызамшылығын өз ўақтында анықлаў имканиятын бермейди. Ең көп тарқалған кеселликлердиң профилактикасын ҳәм оларды өз ўақтында анықлаўдың сынақтан өткерилген алдынғы халықаралық әмелиятын енгизиў дәрежеси төменлигинше қалмақта.
Халықаралық әмелият пенен салыстырғанда, республикада неврология, травматология ҳәм ортопедия, нейрохирургия хызметлериниң, соның ишинде, балар кеселликлери саласындағы потенциалы төмен раўажланған.
Қәнигелестирилген медициналық хызметлердиң аның тариф сиясаты, соның ишинде, социаллық әҳмийетли кеселликлер бойынша хызметлер көрсетиўдиң тарифи ислеп шығылмаған.
Қәнигелестирилген орайлардағы шыпакерлердиң маманлығын арттырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге мүтәж, жетекши шет елли қәнигелестирилген клиникалар менен бирге ислесиў, сондай-ақ, тәжирийбе алмасыў ҳәм шет қәнигелерин тартыў зәрүр дәрежеде әмелге асырылмай атыр.
Қәнигелестирилген медициналық жәрдемниң заманагөй талапларға жуўап беретуғын нәтийжели системасын буннан былай да қәлиплестириў, профилактика ҳәм кеселликлерди ерте анықлаў илажларын жетилистириў, халыққа, соның ишинде, регионларда жоқары маманлыққа қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиўдиң нәтийжелилигин, сапасын және оннан пайдаланыўды түп-тийкарынан арттырыў мақсетинде:
- Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң:
акционерлик жәмийетлери түриндеги Республикалық орайларды мәмлекетлик мәкемелерге айландырыў 1-қосымшаға муўапық:
айырым республикалық емлеў-профилактика мәкемелерин республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайлары етип қайта атаў ҳаққындағы усынысы 2-қосымшаға муўапық қабыл етилсин.
- Республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий орайлары 3-қосымшаға муўапық дизим бойынша медициналық хызметлер көрсетиўдиң тийисли қәнигелескен бағдарлары бойынша республиканың бас медицина шөлкемлери етип белгиленсин.
3.Республикалық орайларға төмендеги тийкарғы ўазыйпалар жүкленсин:
улыўма республикада ҳәм ҳәр бир регионда кеселликлердиң тенденциясын өз ўақтында анықлаўды тәмийинлейтуғын талқылаў ҳәм илимий-изертлеў жумысларын алып барыў, денсаўлықты сақлаўдың ўәлаятлық ҳәм районлық (қалалық) шөлкемлери ушын профилактикалық және емлеў жумысының схемаларын ислеп шығыў;
өз қәнигелиги бойынша бирден-бир методикалық, технологиялық, емлеў ҳәм профилактикалық сиясатты әмелге асырыў, заманагөй медициналық үскенелерге ҳәм технологияларға, дәри қураллары менен медициналық буйымларға болған талабын анықлаў, клиникалық протоколларды ислеп шығыў;
соның ишинде, тийисли медициналық ҳүжжетлерди ислеп шығыў, мәлимлеме ҳәм түсиник материалларын басып шығарыў арқалы регионларда зәрүр профилактика жумысларының алып барылыўына көмеклесиў;
аймақлық қәнигелестирилген медициналық шөлкемлерге шөлкемлестириўшилик-методикалық басшылық етиў, олардың әмелиятына медициналық жәрдемниң заманагөй усылларын ҳәм технологияларын енгизиў;
көшпели консультацияларды, шеберлик сабақларын, сондай-ақ, биринши гезекте ең қыйын жағдайларда аймақлық қәнигелестирилген медициналық шөлкемлерде операцияларды турақлы түрде өткерип барыў;
Ташкент шыпакерлердиң маманлығын арттырыў институты менен биргеликте мәкемелердиң өз медицина хызметкерлериниң, қәнигелестирилген аймақлық медицина шөлкемлериниң медицина хызметкерлериниң маманлығын системалы түрде арттырыў, сондай-ақ, клиникалық ординатурада, базалық докторантурада ҳәм докторантурада тар қәниге кадрларды таярлаў:
жетекши халықаралық медициналық орайлар, клиникалар ҳәм жоқары маманлықтағы шет ел қәнигелери менен, соның ишинде, консультациялар ҳәм шеберлик сабақларын өткериў ушын оларды республикаға мирәт етиў арқалы кеңнен бирге ислесиўди шөлкемлестириў, денсаўлықты сақлаўдың жергиликли қәнигелери шет елдеги қәнигелестирилген медициналық орайларда ҳәм клиникаларда тәжирийбе арттырыўына көмеклесиў.
Республикалық орайлардың филиаллары, бирдей қәнигелестирилген медициналық шөлкемлер ҳәм аймақлық медициналық көп тармақлы орайлардың қәнигелестирилген бөлимлери, районлық (қалалық) медицина бирлеспелери кеселликлердиң профилактикасын ҳәм оларды ерте анықлаўды тәмийинлейди, сондай-ақ, тийисли қәнигелестирилген медициналық хызметлер көрсетеди.
- Төмендегилерди нәзерде тута отырып, қәнигелестирилген медициналық хызметлер көрсетиў системасы барлық дәрежелерде реформалансын:
республика дәрежесинде – қәнигелескен бағдарлар бойынша ең заманагөй жоқары технологиялы қәнигелестирилген медициналық хызметлер көрсетиў;
ўәлаят дәрежесинде – қәнигелескен бағдарлар бойынша заманагөй жоқары технологиялы қәнигелестирилген медициналық хызметлер көрсетиў;
район (қала) дәрежесинде – жаңадан шөлкемлестирилетуғын қәнигелестирилген түрлес бөлимлер тийкарында қәнигелестирилген медициналық хызметлер көрсетиў;
бирлемши медициналық-санитариялық жәрдемди шөлкемлестириў дәрежесинде – арнаўлы тастыйықланған кесте бойынша район (қала) ҳәм ўәлаят дәрежесиндеги шөлкемлердиң тар қәнигелескен қәнигелери тәрепинен консультациялардың берилиўин, сондай-ақ, емлеў ҳәм консультатив-диагностика бағдарлары бойынша қәнигелестирилген медициналық жәрдемниң айырым түрлерин көрсетиў.
- Халыққа қәнигелестирилген медициналық хызметлер көрсетиўдиң схемасы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасы халқына қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиўди буннан былай да раўажландырыў илажларының Бағдарламасы 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын, усы Бағдарламада төмендегилер нәзерде тутылсын:
халықтың сапалы ҳәм нәтийжели қәнигелестирилген медициналық хызметлерден пайдаланыўын кеңейтиўге бағдарланған ҳуқықый базаны жетилистириў;
Республикалық орайларды қаржыландырыў системасын жетилистириў;
қәнигелестирилген медициналық хызметлерди көрсететуғын медициналық шөлкемлердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў;
медицина кадрларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў, профилактика, диагностика ҳәм емлеўдиң заманагөй усылларын енгизиў.
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети:
бир ай мүддетте емлеўдиң ҳәм диагностиканың жоқары технологиялы усылларын енгизиў ҳәм жергиликли қәнигелерди қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиўдиң заманагөй технологияларына оқытыў ушын Республикалық орайларға мирәт етилетуғын Жетекши шет ел орайларының ҳәм клиникаларының жоқары маманлықтағы қәнигелериниң еки тәреплеме келип-кетиўине, жасаўына және аўқатланыўына ҳақы төлеў, мийнетине тийисли ҳақы төлеў қәрежетлерин қаплаў тәртиби ҳәм дәреклери ҳаққындағы режени;
үш ай мүддетте жоқары технологиялы диагностика ҳәм емлеў хызметлерин көрсетиўдиң қурамалылығынан, тығызлығынан, көлеминен келип шыға отырып, мийнетке ҳақы төлеў системасына категорияластырылған қатнасты енгизиў жолы арқалы қәнигелестирилген медициналық шөлкемлердиң медицина хызметкерлерин материаллық хошаметлеў системасын тастыйықласын.
- Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги еки ай мүддетте:
Республикалық орайларды ҳәм оалардың филиалларын, сондай-ақ, түрлес қәнигелестирилген медициналық шөлкемлердиң ҳәм аймақлық көп тармақлы медициналық орайлардың қәнигелестирилген бөлимлерин, районлық (қалалық) медицина бирлеспелерин профилактика, диагностика ҳәм наўқасларды емлеўдиң қәнигелестирилген түрлери менен тәмийинлеў ушын медициналық үскенелер, инструментлер менен үскенелеў стандартларын заманагөй технологияларды есапқа ала отырып, қайта көрип шықсын ҳәм тастыйықласын;
Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте материаллық-техникалық базаны турақлы түрде жаңалаў, дәри қуралларын ҳәм зәрүр жумсаў материалларын, медициналық үскенелерди аўысық бөлеклер менен тәмийинлеў ушын зәрүр болған Республикалық орайлардың рентабеллиги дәрежесин тәмийинлеўди, сондай-ақ, хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў шәртлерин есапқа ала отырып, көрсетилип атырған медициналық хызметлерге тарифлерди қәлиплестириўдиң жаңаланған улыўмалық қағыйдаларын және методикасын тастыйықласын;
Өзбекистан Республикасының шет елде емлениў ушын кетип атырған пуқараларын социаллық-ҳуқықый қорғаўдың әмелий механизмлерин енгизиў бойынша Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тийкарланған буйыртпалары бойынша келеси жылға республика, ўәлаят ҳәм район дәрежелеринде жеңилликли категорияға тийисли қәнигелестирилген жәрдем көрсетиў, сондай-ақ, сервис хызметин көрсетиў, оңлаў, жумсаў материаллары және жоқары технологиялы үскенелердиң реактивлери менен тәмийинлеў ушын зәрүр көлемде бюджет қаржыларының ажыратылыўын нәзерде тутсын.
- Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:
2018-жыл 1-январьға шекем Республикалық орайлар менен биргеликте тийисли қәнигелестирилген медициналық жәрдемлерден пайдаланыўға, соның ишинде, жеңилликли категорияларды айрықша есапқа ала отырып, жоқары технологиялы медициналық жәрдемнен пайдаланыўға мүтәж болған наўқаслардың турақлы жаңаланатуғын бирден-бир электрон базасын шөлкемлестирсин;
2019-жыл 1-январьға шекем барлық қәнигелестирилген орайларда, ўәлаятлық филиаларда, районлық (қалалық) медицина бирлеспелеринде шыпакердиң қабыллаўына аралықты турып жазылыў имканиятын беретуғын электрон бағдарламаның енгизилиўин тәмийинлесин;
мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте жетекши шет ел клиникалары ҳәм орайлары менен бирге ислесиў бойынша Республикалық орайларға турақлы тийкарда көмеклессин.
11.2022-жыл 1-январьға шекемги болған мүддетте:
халыққа төлемли медициналық хызметлер көрсететуғын денсаўлықты сақлаў мәмлекетлик системасының медициналық шөлкемлери (стоматология ҳәм косметология хызметлери буған кирмейди) салықлардың барлық түрлерин және мәмлекетлик мақсетли қорларға мәжбүрий ажыратпаларды төлеўден азат етилсин, босайтуғын қаржылар медициналық шөлкемлерди заманагөй медициналық, инженерлик-техникалық үскенелер менен тәмийинлеўге ҳәм оған сервис және техникалық хызмет көрсетиўге, аўысық бөлеклер, жумсаў материаллары, инвентарь ҳәм басқа да медициналық буйымларды сатып алыўға, жаңа имаратлар менен объектлерди қурыўға, реконструкциялаўға ҳәм толық оңлаўға бағдарлансын;
белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизим бойынша денсаўлықты сақлаў мәмлекетлик системасының медициналық шөлкемлери шет елден алып келинетуғын медицина үскенеси, комплектлеўши буйымлар, медициналық үскенеге аўысық бөлеклер ҳәм жумсаў материаллары ушын бажыхана төлемлеринен (бажыхана жыйымлары буған кирмейди) азат етилсин;
денсаўлықты сақлаў мәмлекетлик системасының медициналық шөлкемлери жергиликли қәнигелериниң маманлығын арттырыў процесине тартылатуғын шет елли илимпазлар, шыпакерлер ҳәм қәнигелер дүзилген мийнет шәртнамалары шеңберинде алынатуғын дәраматлар бойынша физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын төлеўден азат етилсин.
- Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар бойынша усыныслар киргизсин.
13.Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи А.Н.Юнусходжаевқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 20-июнь
***
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасы халқына 2017-2021-жылларда қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиўди буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына ТҮСИНИК
«Пуқаралардың денсаўлығын қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Нызамында пуқаралардың денсаўлығын сақлаўдың тийкарғы принциплери, соның ишинде: денсаўлықты сақлаў саласында инсан ҳуқықларына әмел етилиўи; халықтың барлық қатламларының медициналық жәрдемнен пайдаланыўы; профилактикалық илажлардың үстинлиги; денсаўлығынан айырлған жағдайда пуқаралардың социаллық қорғалғаны; медицина илими ҳәм әмелиятының бирлиги белгиленген.
Елимиз Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен усы жыл 5-январьда ҳәм 7-февральда денсаўлықты сақлаў саласы ўәкиллери менен ушырасыўларда халыққа қәнигелестирилген медициналық жәрдемди шөлкемлестириўдиң жағдайына сын көз-қарастан баҳа берилди, бул болса, жыйналып қалған машқалаларды шешиў жолында әҳмийетли қәдем болды.
Елимизде бүгинги күнде жоқары маманлықтағы ҳәм жоқары технологиялы қәнигелестирилген медициналық хызметлер көрсетиўдиң бир пүтин системасы қәлиплестирилген. Усы хызметлер анық диагноз қойыўдың ҳәм емлеўдиң нәтийжели усылларын, соның ишинде, жоқары технологиялы диагностика ҳәм жедел араласыў усылларын қолланыў имканиятын беретуғын заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинленген республикалық ҳәм аймақлық қәнигелестирилген медицина шөлкемлери тәрепинен қөрсетиледи.
Қәнигелестирилген медициналық жәрдемди раўажландырыў жолында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар себепли тек соңғы 5 жылда қәнигелестирилген орайларда 150 мыңнан аслам жедел араласыўлар, соның ишинде, 80 мыңнан зыят жоқары технологиялы операциялар әмелге асырылды, емлеўдиң 80 нен аслам жаңа қурамалы ҳәм теңи-тайы жоқ усыллары әмелиятқа енгизилди.
Соның менен бирге, усы салада анық ҳәм тез илажлар көриўди талап ететуғын бир қатар системалы мәселелер бар.
Атап айтқанда, денсаўлықты сақлаў системасының ўәлаят ҳәм район дәрежелеринде қәнигелестирилген медициналық жәрдемди раўажландырыўда сезилерли дәрежеде артта қалыўшылық жағдайлары бақланбақта. Регионларда қәнигелестирилген медициналық жәрдемге шөлкемлестириўшилик-методикалық басшылықтың нәтийжели вертикалын қәлиплестириўде республикалық қәнигелестирилген мәкемелердиң роли төменлигинше қалмақта. Диагностиканың ҳәм емлеўдиң республикалық мәкемелерде сынақтан өткен алдынғы жоқары технологиялы усыллары ўәлаят ҳәм район дәрежесиндеги медициналық мәкемелердиң жумысына төмен дәрежеде енгизилмекте. Медицинаның қәнигелестирилген бағдарлары бойынша қолға киргизилген жергиликли ҳәм шет елдиң илимий табысларын ўәлаятлық ҳәм районлық медицина мәкемелери әмелиятына енгизиў дәрежеси төмен.
Жоқарыдағыларды инабатқа алған ҳалда, Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасы халқына 2017-2021-жылларда қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиўди буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында республиканың қәнигелестирилген медициналық жәрдемин буннан былай да раўажландырыўдың ең әҳмийетли бағдарларын белгилеў, оның географиясын район (қала)лық дәрежесине шекем кеңейтиў, аймақлық қәнигелескен медициналық шөлкемлерге шөлкемлестириўшилик-методикалық басшылық етиў ушын республикалық қәнигелестирилген орайлардың жуўапкершилигин арттырыў, олардың әмелиятына медициналық жәрдемниң заманагөй усылларын және технологияларын кеңнен енгизиў илажлары нәзерде тутылған.
Қарар менен барлық дәрежелерде қәнигелестирилген медициналық хызмет көрсетиў системасын буннан былай да реформалаў, республикалық көлемде қәнигелескен бағдарлар бойынша ең заманагөй жоқары технологиялы қәнигелестирилген медициналық хызметлер көрсетиў, ўәлаят дәрежесинде қәнигелескен бағдарлар бойынша заманагөй жоқары технологиялы қәнигелестирилген медициналық хызметлер көрсетиў, район (қала) дәрежесинде қәнигелестирилген медициналық хызметлерди жаңадан шөлкемлестирилетуғын қәнигелестирилген бөлимлер тийкарында көрсетиў нәзерде тутылған. Бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем шөлкемлерине болса, арнаўлы тастыйықланған кесте бойынша район (қала) ҳәм ўәлаят дәрежесиндеги шөлкемлердиң тар қәнигелескен қәнигелери тәрепинен мәсләҳәтлердиң берилиўин, сондай-ақ, емлеў ҳәм мәсләҳәт-диагностика бағдарлары бойынша қәнигелестирилген медициналық жәрдемниң айырым түрлерин көрсетиўи нәзерде тутылған.
Қарарда, сондай-ақ, қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиў системасында республика бойынша ҳәр бир регионда кеселликлердиң тенденцияларын өз ўақтында анықлаўды тәмийинлейтуғын заманагөй талқылаў ҳәм илимий-изертлеў жумысларын кеңнен қолланыў нәзерде тутылған.
Жетекши республикалық қәнигелестирилген емлеў-профилактика шөлкемлери қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайларына айландырылып, олардың тийкарғы ўазыйпалары белгиленди.
Өз қәнигели бойынша бирден-бир методикалық, технологиялық, емлеў ҳәм профилактикалық сиясатты әмелге асырыў, заманагөй медициналық үскенелерге ҳәм технолгияларға, дәри қураллары менен медициналық буйымларға болған талапты анықлаў, клиникалық протоколларды, соның ишинде, тийисли медициналық ҳүжжетлерди ислеп шығыў, мәлимлеме ҳәм талқылаў материалларын басып шығарыў, көшпели мәсләҳәт бериўлерди, шеберлик сабақларын, сондай-ақ, биринши гезекте, ең қурамалы жағдайларда аймақлық қәнигелескен медициналық шөлкемлерде операцияларды турақлы түрде өткериў арқалы регионларда зәрүр профилактика жумысларының алып барылыўына көмеклесиў орайлардың тийкарғы ўапзыйпалары етип белгиленген. Буннан тысқары, орайлар Ташкент шыпакерлердиң маманлығын арттырыў институты медицина хызметкерлериниң, қәнигелескен аймақлық медицина шөлкемлери хызметкерлериниң маманлығын системалы түрде арттырады, сондай-ақ, клиникалық ординатурада, таяныш докторантурада ҳәм докторантурада тар қәнигеликлер бойынша кадрларды таярлайды, жетекши халықаралық медициналық орайлар, клиникалар ҳәм жоқары маманлықтағы шет ел қәнигелери менен бирге ислеседи, соның ишинде, мәсләҳәтлесиўлер және шеберлик сабақларын өткериў ушын оларды республикаға мирәт етеди, денсаўлықты сақлаў системасы жергиликли қәнигелериниң шет елде қәнигелестирилген медицина орайларында ҳәм клиникаларында тәжирийбе арттырыўын тәмийинлейди.
Қарар менен халыққа қәнигелестирилген медициналық хызметлер көрсетиўдиң схемасы ҳәм халықтың сапалы және нәтийжели қәнигелестирилген медициналық хызметлерден пайдаланыўын кеңейтиўге, Республикалық орайларды қаржыландырыў системасын жетилистириўге, қәнигелестирилген медициналық хызметлер көрсетиўши шөлкемлердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеўге, медицина кадрларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасын жетилистириўге, халыққа қәнигелестирилген медициналық хызметлер көрсетиўдиң сапасын арттырыўға, профилактика, диагностика ҳәм емлеўдиң заманагөй усылларын енгизиўге бағдарланған ҳуқықый базаны жетилистириўге бағдарланған 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасы халқына қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиўди буннан былай дараўажландырыў илажларының бағдарламасы тастыйықланады.
Қарарға муўапық, 2018-жыл 1-январға шекем жеңилликли категория айрықша есапқа алына отырып, қәнигелестирилген медициналық хызметлерден, соның ишинде, жоқары технологиялы медициналық жәрдемнен пайдаланыўға мүтәж болған наўқаслардың турақлы жаңаланатуғын бирден-бир электрон мағлыўмат базасы қәлиплестириледи. 2019-жыл 1-январьға шекемги болған мүддетте барлық қәнигелестирилген орайларда, ўәлаятлық филиалларында, районлық (қалалық) медицина бирлеспелеринде шыпакердиң қабыллаўына аралықтан жазылыў имканиятын беретуғын электрон бағдарлама енгизиледи.
2022-жыл 1-январьға шекем халыққа төлемли медициналық хызметлер көрсететуғын (стоматология ҳәм косметология хызметлери буған кирмейди) денсаўлықты сақлаў системасы мәмлекетлик медициналық шөлкемлерди салықлардың барлық түрлерин ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларға мәжбүрий ажыратпаларды төлеўден, сондай-ақ, белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизим бойынша шеттен алып келинетуғын жаңа медицина үскенеси, комплектлеўши буйымлар, медицина үскенесине аўысық бөлеклер ҳәм жумсаў материаллары ушын бажыхана материалларын төлеўден азат етиў нәзерде тутылған. Босаған қаржылар медициналық шөлкемлерди заманагөй медициналық, инженерлик-техникалық үскенелер менен тәмийинлеўге ҳәм оған сервис және техникалық хызмет көрсетиўге, аўысық бөлеклер және жумсаў материаллары, инвентарь ҳәм басқа да медициналық буйымларды сатып алыўға, жаңа имаратлар менен объектлерди қурыўға, барларын реконструкциялаўға ҳәм толық оңлаўға бағдарланады.
Қарарда емлениў ушын шет елге кетип баратырған Өзбекистан Республикасы пуқараларын социаллық-ҳуқықый қорғаўдың тәсиршең механизмлерин ислеп шығыў, жергиликли қәнигелердиң әмелий ҳәм теориялық көнликпелерин арттырыў мақсетинде шет елли жетекши илимпазларды, шыпакерлерди ҳәм қәнигелерди шәртнама тийкарында республикаға тартыўға айрықша итибар қаратылған.
Бағдарлама шеңберинде 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасында қәнигелестирилген медициналық хызметлерди буннан былай да раўажландырыў мақсетинде 373,5 миллиард сум ҳәм 100 миллион АҚШ доллары муғдарында қаржы ажыратылыўы нәзерде тутылған болып, соннан 60 миллиард сум қаржы Республикалық қәнигелестирилген медицина орайларын қурыўға, реконструкциялаўға ҳәм капитал оңлаўға және 97 миллион АҚШ доллары республикалық ҳәм аймақлық қәнигелестирилген медицина мәкемелерин үскенелеўге бағдарланады.
Қарар ҳәм Бағдарлама шеңберинде әмелге асырылатуғын илажлар республикада, әсиресе, ўәлаятлар ҳәм районлар дәрежесинде халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын түп-тийкарынан арттырыўға, халықтың кең қатламларын жоқары технологиялы медициналық жәрдемнен пайдаланыўға, жоқары технологиялы қәнигелестирилген медициналық жәрдем саласындағы илимниң жетискенликлерин ҳәм алдынғы шет ел тәжирийбесин әмелиятқа белсенди енгизиўге хызмет етеди.