Хожели районы ҳәкимлигиниң басламасы ҳәм қоллап-қуўатлаўы менен «Антакия гөззалы» атамасында балет ушын либретто жаратылмақта. Бул ҳаққында район ҳәкими Жеңис Ермашев журналист ҳәм блогерлер ушын өткерилген баспасөз конференциясында мәлим етти.
Композитор Қурбанбай Зәретдинов ҳәм балетмейстер Замир Бекмуратов тәрепинен исленип атырған либреттоның даўамлылығы 1,5 саатты қурайды.
Район ҳәкиминиң қосымша етиўинше, либреттоны усы жылдың апрель-май айларында толық жуўмақлап, халықтың нәзерине усыныў жобаластырылған еди. Бирақ, пандемия себепли оны қаржыландырыў менен байланыслы машқалалар жүзеге келген.
Либреттоны сахналастырыў, балет ойыншыларының кийим-кеншеклери сыяқлы қәрежетлер ушын улыўма 400 миллион сум қаржы зәрүр екенлиги атап өтилди.
Ж.Ермашев районда туризмди раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында айта келип, Нөкистен кирип келетуғын жол бойына туристлик имаратларды қурыў бойынша жойбарла исленип атырғанлығы мәлим етти.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.