Хожели районы ҳәкими Жеңис Ермашевтың баспасөз конференциясында мәлим етиўинше, район халқының 82% и тәбийғый газ бенен тәмийинленген.

 

Газ жетип бармайтуғын аймақлардағы 2 мыңға шамалас хожалықлар суйытылған газ бенен турақлы түрде тәмийинленип келинбекте. Бунда ҳеш қандай машқалалар жоқ. Районда суйытылған газ бенен тәмийинлеў ушын 3700 дана газ баллонлары таярлап қойылған.

 

Сондай-ақ, гүз-қыс мәўисиминде халықтың көмир ҳәм көмир өнимлерине болған талабынан келип шығып, 1242 тонна көмир жеткерип бериў жобаластырылған. Ҳәзирги ўақытта соннан 412 тонна көмир мәўсимге таярлап қойылған.

 

Район ҳәкиминиң қосымша етиўинше, жер астында 15 км узынлықта пайдаланыўға жарамсыз газ тармақлары бар. Соның менен бирге, район турғынларының газ тармақларына насос орнатып пайдаланыў жағдайлары көп ушырасады.

 

Районда 2021-жылдың январь айынан баслап жаңа үлгидеги электрон газ есаплағышлар орнатылыўы белгиленген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.