Кеше Шоманай районында елимиздиң улыўма орта билим бериў мектеплеринде әмелге асырылып атырған «Ең китапқумар мектеп» жойбары шеңберинде «Қәўендерлик китаплар саўғасы» ҳәм «Тил миллет айнасы» атамасындағы илажлар болып өтти.

Илаж даўамында атап өтилгениндей, Президентимиздиң 2017-жыл 13-сентябрьдеги «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Ең китапқумар мектеп» жойбары өткерилмекте. Жойбар қала ҳәм район ҳәкимликлери, халық билимлендириў ҳәм ишки ислер бөлимлери менен биргеликте «Китоб маркази» – «Китоб дунёси» китап тармақлары саўда орайлары тәрепинен әмелге асырылмақта. Усы жойбарға республикамыздағы барлық мектеплердиң қамтып алыныўы нәзерде тутылған.

Бул илажларға район ҳәкими Б.Янгибаев, «Китоб маркази» – «Китоб дунёси» китап тармақлары саўда орайлары директоры И.Охуджанов, районлық халық билимлендириў бөлиминиң баслығы О.Султамуратов ҳәм райондағы барлық мектеп директорлары менен оқыўшылар қатнасты.

Илажда район ҳәкими тәрепинен мектеп директорларына китаплар саўға етилди.

Райондағы 16-санлы мектептиң 9-класс оқыўшысы М.Нурымбетованың «Шыпакер қыз боламан» атлы китабы «Китоб маркази» – «Китоб дунёси» орайлары тәрепинен бийпул шығарып берилетуғын болды.

Илаж даўамында мектеп оқыўшылары өзбек әдебияты ўәкиллериниң шығармаларынан үзиндилер оқыды. Күн жуўмағында үй шараятында билим алып атырған балалардың жағдайынан хабар алынып, оларға китаплар саўға етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги