Нөкисте Арқа-батыс әскерий округи әскерлери сәркардалығы басшылығында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының күш структуралары қатнасыўында өз-ара бирге ислесиў мәселелерине бағышланған оқыў-тематикалық мәжилис өткерилди. Онда Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги Арқа-батыс әскерий округиниң әскерий бөлим ҳәм мәкемелери, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының Ишки ислер министрлиги менен басқармасы, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Шегара әскерлери, Миллий гвардия, Айрықша жағдайлар ҳәм Бажыхана хызметиниң офицерлери қатнасты.

Оқыў-тематикалық мәжилис даўамында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының аймақлық пүтинлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик шегаралар аймақларын күшейтиў даўамында хызмет етиўдиң өзине тәнлиги, ҳәр қыйлы жағдайларда өз-ара байланыс алмасыўы, басқарыў ҳәм бирге ислесиўди тәмийинлеў бойынша баянатлар тыңланды.

Илажда Арқа-батыс әскерий округи әскерлери сәркардасы полковник Ф.Шерматов қатнасты.

Шынығыў даўамында Арқа-батыс әскерий округиниң жуўапкер аймағында жүз бериўи мүмкин болған ҳәр қандай жағдайда әскерий округ басқарыў уйымлары, әскерий бөлимлер, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының күш структуралары арасында бирге ислесиўди шөлкемлестириў бойынша және бир мәрте анықлық киргизилип, ҳәр тәреплеме бирге ислесиў мәселелерине итибар қаратылды. Барлық Қураллы Күшлер структуралары ўәкиллериниң усы бағдардағы баянатлары тыңланды.

Оқыў-тематикалық мәжилистиң екинши бөлиминде әскерий округ ҳәм бирге ислесиўши күш структуралары менен басқарыўды шөлкемлестириў және бөлимлердиң шегара аймақларын күшейтиў бойынша ҳәрекетлери, сондай-ақ, басқарыўды тәмийинлеў бағдарында қолланылатуғын заманагөй байланыс қураллары көргизбеге қойылды. Буннан кейин илаж қатнасыўшылары Арқа-батыс әскерий округи әскерлери сәркардалығы  тәрепинен әскерлерди басқарыў ҳәм қадағалаў пунктиниң жумысы менен жақыннан танысты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги