Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи 1-блок имаратында қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы 2020-жыл 22-октябрь сәнесинен баслап оңлаў жумыслары жуўмақланғанға шекем музейге келиўшилер ушын ўақытша жабылатуғынлығын хабарлайды. Бул ҳаққында музейдиң рәсмий каналында хабар берилди.

 

Музейдиң 2-блок имаратындағы экспозиция заллары музейге келиўшилер ушын ашық екенлигин мәлим етип билдиремиз.

 

«Келтирилген қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз», – деп жазылған музей администрациясының хабарында.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.