Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов 20-октябрь күни Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң баслығы Михаил Мишустин менен телефон арқалы сөйлести.

Сәўбетлесиў ўақтында еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиў шеңбериндеги  бир қатар мәселелер додаланды. Коронавирус инфекциясына қарсы гүрес бойынша қоспа илажларды избе-из әмелге асырыў бойынша өз-ара пикир алысылды.

Сондай-ақ, өткерилиўи нәзерде тутылып атырған ҳүкимет басшылары дәрежесиндеги Қоспа комиссияның екинши мәжилисине таярлықтың жағдайы көрип шығылды.

Еслетип өтемиз, еки мәмлекет Бас министрлериниң басшылығындағы ҳүкимет басшылары дәрежесиндеги Қоспа комиссияның биринши мәжилиси Хорезм ўәлаятында 2019-жыл май айында өткерилген еди.

 

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң

Баспасөз хызмети

ӨзА