Кегейли районындағы «Қарақалпақ аўыл хожалығы өндирислик кооперациясы»на қараслы «Б.Кәримбердиев» «Кегейли» ҳәм «Завод қасы» пахта қабыллаў пунктлерине пахта шийки заты өнимин қабыл етип алыў мапазы қызғын пәт пенен алып барылмақта.

Быйыл районның мәмлекетке пахта тапсырыў режеси 13650 тонна болып, бул бойынша 179 фермер хожалығы менен контрактация шәртнамалары дүзилген. Бүгинги күнде бул фермер хожалықлары тәрепинен 11591 тонна пахта тапсырылды.

– Пахта атызларымызда пахтаны сепситпей жыйнап-терип алыў жумыслары бөлим хызметкерлери тәрепинен ҳәр күни қадағаланып барылмақта,-дейди «Өзагроинспекция»ның Кегейли районлық бөлими бас инспекторы Х.Қунназаров. – Мапаз ўақтында пахта қабыллаў пунктлери ҳәм фермер хожалықлары арасында тапсырылған өниминиң лабораториялық анализлеринен қанаатланбаў ҳәм келиспеўшиликлер келип шығыўының алдын алыў мақсетинде район ҳәкими тәрепинен «Арбитраж» топары шөлкемлестирилген. Бул топар қәнигелерине егер фермер хожалығы алып келинген пахта шийки заты өниминиң лабораториялық анализлеринен наразы болса, сол жерге жетип барып «Арбитраж» топарының исеним телефоны арқалы мүрәжат етип, топар қәнигелери гүўалығында қайта анализ етилип мәселени әдил шешиў ўазыйпасы жүкленген.

Пахта шийки заты өнимин жыйнап терип алыў бойынша район ҳәкимлиги тәрепинен 7 отряд шөлкемлестирилген болып, ҳәзирги күнде жыйын-терим жумыслары қызғын алып барылмақта.

Буннан басқа, бөлим хизметкерлери тәрепинен ҳәр күни мониторинг жумыслары алып барылмақта. Теримшилерге жаратылған шараятлар үйренилип, кемшилиги болса өз ўақтында сапластырыў илажлары көрилмекте.

Буннан гөзленген мақсет жетистирилген пахта шийки заты өнимин белгиленген мүддетлерде жыйнап-терип алыў болып есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги