21-октябрь – өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 31 жыл толыўы мүнәсибети менен семинар өткерилди.

Семинарда Нөкис қаласы ҳәкимлиги, Республикалық балалар китапханасы, ӨзМТДП Нөкис қалалық Кеңеси, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлиминиң қәнигелери шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, өзбек тили, оның раўажланыў тарийхы туўралы мағлыўматлар берилди. Белгили шайыр ҳәм жазыўшылардың дөретпелеринен үзиндилер оқылып, тилдиң тазалығын сақлаў, соның менен бирге, оны раўажландырыў мәселелери бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Семинарда белсене қатнасқан жасларға мақтаў жарлығы ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги