Қанлыкөл районында исбилермен Тазагүл Төремуратова тәрепинен  сүтти қайта ислеў цехы иске түсирилди.

– Жойбар бойынша сүтти қайта ислеў цехы менен бирге шарўашылық комплексин де қурыў нәзерде тутылған, -дейди «Қанлыкөлли Тазагүл» жеке меншик кәрханасы баслығы Т.Төремуратова. – Коммерциялық банктен 50 миллион сум муғдарында кредит алдық. Бул қаржыға сырт елден сүтти қайта ислейтуғын заманагөй технология алып келинди. Район ҳәкимлиги тәрепинен «ноль» баҳада ажыратылған имарат қайта оңланып, үскенелер орнатылды. Әлбетте, басында шаңарақ бизнесин баслағанымызда базы бир қыйыншылықлар болды, бирақ ҳәзир жумысларымыз алға илгерилеп бармақта.

Күнине 3 тонна сүт қайта исленип атырған кәрханада сметана, қаймақ, қатық, брынза сыяқлы 6-7 түрдеги сүт ҳәм сүт өнимлери ислеп шығарылмақта. Олар тийкарынан райондағы балалар бақшаларына, саўда орынларына тарқатылмақта. Цехта ислеп шығарылып атырған өнимлер сапа стандартларының барлық талапларына жуўап береди, ал, әпиўайы аўыл ҳаяллары цехтағы заманагөй үскенелерди аңсат меңгерип келмекте.

Усы сыяқлы өндирислик кәрханалардың көбейиўи район экономикасының раўажланыўына ғана үлес қосып қоймастан, аймақ халқының бәнтлигин тәмийинлеўге де хызмет етеди. Сондай-ақ, ишки базарларымызды өзлеримизде ислеп шығарылған өнимлер менен толтырып келмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги