Бүгинги күнде «Ҳаял-қызлар» ҳәм «Жаслар» дәптерлери қәлиплестирилип, бунда Қарақалпақстан Республикасы бойынша Нөкис қаласы ҳәм Беруний районы үлги етип алынды.

Бул жумысларды нәтийжели алып барыў мақсетинде Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасында ҳәр күнлик мағлыўматларды муўапықластырыўшы штаб ҳәм жумысшы топарлар шөлкемлестирилген.

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри Р.Маматов республикамызға сапары даўамында усы штаб ҳәм жумысшы топардың жумыслары менен танысты. Усы дәптерлерди қәлиплестириў, оған киргизилген пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаў, бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликке, кәсипке бағдарлаў ең әҳмийетли мәселелердиң бири екенлигин атап өтип, пикир-усынысларын билдирди.

Сондай-ақ, сол күни Мойнақ районындағы «Ҳәким ата» АПЖның «Дослық» аўылында болып, нуранийлар менен ушырасты. Усы аўылдағы Сулайман Бақырғаний (Ҳәким ата) зыярат орны жанынан артезиан қудығы жәрдеминде жер асты суўын шығарыў мақсетинде исленип атырған жумыслар менен танысты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги