«Көксарай» резиденциясында 16-октябрь күни сырт мәмлекетлердиң елимизге жаңадан тайынланған елшилеринен исеним жарлықларын қабыл етиўге бағышланған салтанатлы мәресим  болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Араб Әмирликлери, Иран Ислам Республикасы, Украина, Италия Республикасы, Израил Мәмлекети, Пакистан Ислам Республикасы ҳәм Ҳиндстан Республикасының елимиздеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшилери Саид ал-Қамзий, Ҳамид Найрободий, Николай Дорошенко, Агостина Пинна, Зехавит Бен Хиллел, Саид Али Асад Ғилоний ҳәм Маниш Прабхаттан жарлықларды қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы елшилерди Өзбекстандағы дипломатиялық жумысын баслағаны менен қызғын қутлықлап, оларға еки тәреплеме қатнасықларды және де раўажландырыў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарындағы даңқлы ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпада үлкен табыслар тиледи.

Президентимиз өзиниң шығып сөйлеўинде елимизде әмелге асырылып атырған демократиялық жаңаланыўлар ҳәм социаллық-экономикалық реформалар, соның ишинде, коронавирус инфекциясы глобал көлемде тарқалыўының ақыбетлерин жеңип өтиў бойынша көрилип атырған кризиске қарсы илажлар бағдарламасына айрықша тоқтап өтти.

Өзбекстан өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет, тең ҳуқықлылық ҳәм мәплерди есапқа алыў, ашықлық ҳәм жақсы қоңсышылық принциплери тийкарында конструктивлик ҳәм прагматикалық сыртқы сиясатты алып барыўда исенимли екени атап өтилди.

Орайлық Азия мәмлекетлери, Россия Федерациясы, Қытай Халық Республикасы, Америка Қурама Штатлары, Европа еллери, Азия-Тыныш океаны регионы, Жақын Шығыс ҳәм Қубла Азия мәмлекетлери менен көп қырлы байланыслар ҳәм шерикликти беккемлеў тийкарғы бағдар екени атап өтилди.

Ҳәзирги ўақытта экономикалық дипломатияны алға қойыў-саўда ҳәм инвестициялар, жоқары технологиялар ҳәи инновациялар, санластырыў, транспорт ҳәм логистика, банк-финанс сыяқлы әҳмийетли бағдарларда бирге ислесиўге үлкен итибар қаратылмақта.

Буннан тысқары, халықаралық шөлкемлер ҳәм финанслық институтлар шеңбериндеги избе-из ҳәм пайдалы бирге ислесиў қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти жаңа елшилер ўәкиллик етип атырған мәмлекетлердиң басшыларына Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң бас уйымларынан бири-Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесте елимиз ағзалығын қоллап-қуўатлағаны ушын миннетдаршылық билдирди. Бул тарийхый ўақыя елимизде ҳуқық қорғаў тараўында ерисилген табыслардың халықаралық көлемдеги тән алыныўы болып есапланады.

Илажда мәмлекетимиз басшысы дипломатларға мүрәжат етип, тийисли сырт елли шериклер менен еки тәреплеме байланыслардың тийкарғы бағдарлары ҳәм перспективаларын атап өтти.

Атап айтқанда, елимиздиң Бирлескен Араб Әмирликлери менен дәстүрий дослық ҳәм тығыз қатнасықлары жоқары дәрежедеги турақлы сөйлесиўлер себепли принципиаллық жақтан жаңа басқышқа көтерилгени атап өтилди.

Бүгинги күнде Masdar, Mubadala, DP World компаниялары, Абу-Даби раўажланыў фонды ҳәм басқалардың қатнасыўында улыўма баҳасы 4 миллиард долларлық қоспа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў жедел басқышқа кирди. Олар қолайлы энергетика, инфраструктура, химия тармағы, аўыл хожалығы, транспорт-логистика тараўларын қамтып алған.

Мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў тараўында бағдарламалар және Аралбойында социаллық әҳмийетли жойбарлар орынланбақта.

Өзбекстан Иран менен бирге ислесиўдеги үлкен потенциалын жүзеге шығарыўдан мәпдар екени билдирилди.

Президентлер еки ел арасындағы қатнасықларды кеңейтиўге үлкен итибар қаратып атырғаны атап өтилди.

Товар алмасыўды арттырыў ушын қолайлы шараятларды жаратыў, санаат ҳәм аўыл хожалығында кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў, Иран портлары арқалы жүк тасыўларды шөлкемлестириў мәселелери оғада әҳмийетли. Буннан тысқары, қәўипсизлик тараўында турақлы сөйлесип барылмақта.

Украина елимиздиң дәстүрий бирге ислесиўши шериги. Шавкат Мирзиёев кейинги жылларда еки тәреплеме қатнасықларда жеделлесиўдиң бақланып атырғанын атап өтти. Товар алмасыў көлеми артпақта, әҳмийетли экономикалық ҳәм гуманитарлық бағдарламалар әмелге асырылмақта.

Соның менен бир қатарда, экспорт-импорт, машина қурылысы, электротехника, фармацевтика, тоқымашылық ҳәм аграр тармақларда, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў перспективалары бар.

Үлкен экономикалық ҳәм мәдений потенциалғы ийе Италия елимиздиң Европа Аўқамындағы тийкарғы шериклеринен бири.

Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, еки тәреплеме қатнасықлар ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди, соның ишинде, «Италия – Орайлық Азия» министрлер ушырасыўлары форматында ҳәм халықаралық шөлкемлер шеңберинде беккемлеп барыў зәрүр.

Саўда-экономикалық бағдарда Италияның жетекши компаниялары менен металлургия, аўыл хожалығы, қурылыс материаллары тармағы ҳәм басқа да тараўларда әҳмийетли кооперациялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Буннан тысқары, улыўма баҳасы дерлик 5 миллиард долларлық перспиктивалы қоспа жойбарлар портфели таярланбақта.

Гуманитар тараўда жоқары билимлендириў ҳәм мәдений алмасыў бойынша әҳмийетли бағдарламалар алға қойылмақта.

Өзбекстан ҳәм Израилды дәстүрий шериклик қатнасықлары тығыз байланыстырып турады. Конструктивлик сиясий сөйлесиўди раўажландырыў, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм илимий-техникалық байланысларды жеделлестириў бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары сыпатында атап өтилди.

Жоқары технологиялар, энергия ҳәм ресурсларды үнемлейтуғын шешимлерди енгизиў, аўыл хожалығы, фармацевтика ҳәм медицина, билимлендириў, туризм тараўларында кооперацияны күшейтиў усыныс етилди.

Жоқары дәрежедеги ушырасыўлар және сиясий мәсләҳәтлесиўлерди турақлы өткериў, еки тәреплеме Ҳүкиметлераралық комиссияның жумысын баслаў усы мақсетлерге хызмет етеди.

Өзбекстанның Пакистан менен көп қырлы бирге ислесиўи избе-из раўажланбақта. Бүгинги күнде еллеримиз халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер шеңберинде де жедел бирге ислеспекте.

Өзбекстан ҳүкимети делегациясы жақында Исламабад қаласына әмелге асырған сапарының пайдалы нәтийжелери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара келисимлерге муўапық еки тәреплеме саўда көлемин арттырыў бағдарында, аўыл хожалығы, машина қурылысы, тоқымашылық ҳәм былғары өндирисинде жаңадан имканиятлар үйренилмекте.

Орайлық ҳәм Қубла Азияны нәтийжели байланыстыратуғын транспорт ҳәм транзит бойынша әҳмийетли инфраструктуралық жойбарлар таярланбақта.

Президентимиз жоқары дәрежедеги турақлы сөйлесиўлер себепли кейинги жылларда Өзбекстан-Ҳиндстан қатнасықларында ерисилген дәрежени қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өткен жылы Самарқандта Ҳиндстан ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери сыртқы ислер министрлериниң биринши ушырасыўы табыслы болып өтти.

Пандемияға қарамастан, товар алмасыў көбеймекте, аймақлар ҳәм исбилерменлер дәрежесиндеги жедел алмасыўлар даўам етип атыр, биргеликтеги ис-ҳәрекетлер менен, Ҳиндстан инвестицияларын тартып, билимлендириў, мәлимлеме-коммуникация технологиялары, медицина ҳәм фармацевтика тараўларындағы тийкарғы жойбарлар алға қойылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президенти өзиниң шығып сөйлеўин жуўмақлап, жаңадан тайынланған елшилер өзлериниң белсене ҳәм пайдалы искерлиги менен мәмлекетлеримиз арасындағы дослықты беккемлеў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыўға үлкен үлес қосатуғынына исеним билдирди.

Сөйлесиў ўақтында елшилер мәмлекетимиз басшысына шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстан менен шерикликте сапалы жаңаланыўға ерисиў және мүнәсибетлер күн тәртибин жаңа ҳәм анық мазмун менен байытыўға бар күш-ғайратын жумсайтуғынын атап өтти.

 

ӨзА