Қарақалпақстанлы жаслардың дийқаншылық пенен шуғылланыўына имканият жаратыў мақсетинде аўыл хожалығына қәнигелескен «Мўйноқ келажак бунёдкорлари» ЖШЖ шөлкемлестирилди. Мойнақ районындағы қайта пайдаланыўға киргизилген ҳәм резерв жер майданларынан 5 мың гектар ажыратып берилди.

 

ҚР Суў хожалығы министрлиги баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, Мойнақ районы «Қазақдәрья» АПЖ аймағындағы 6 км суўғарыў тармақлары реконструкцияланды ҳәм жаңадан 2 км көтерме канал қазылды. Сондай-ақ, «Қазақдәрья» каналына 2 дана НДН-20 ҳәм 1 дана СНПЭ 500/10 маркалы насос агрегатлары орнатылды.

«Қазақдәрья» аўылындағы жаслар ушын ажыратылған егислик майданларды кепилликли суў менен тәмийинлеў мақсетинде усы аймақта суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилмекте. Буның ушын қосымша 300 метрден аслам узынлықта канал қазылып, 2 дана суўды иркиўши гидротехникалық сооружение қурылды. Суўдың артықша ысырап болыўының алдын алыў мақсетинде қосымша қурылған каналға геотекстиль ҳәм геомембрана төселди. Бул канал арқалы келген суў 4 ҳәўизде бир-бирине өткерилип, тындырылады. Кейин арнаўлы насослар жәрдеминде атызларға орнатылған қубырлар ҳәм шланглар арқалы егислик майданға жеткерип бериледи.

 

Жақында «Мойнақ жасларының шарўашылық комплекси» дөгерегинде пайда етилген бағ ҳәм аймақтағы 6 гектарлық майданға егилген чеснок атызларында да тамшылатып суўғарыў технологиясы енгизилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.