Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасына келди.
Сапар етиўдиң тийкарғы мақсети бурын тапсырылған ўазыйпалардың орынланыўы менен танысыў, талқылаў ҳәм келеси еки жылда әмелге асырылыўы зәрүр болған тийкарғы бағдарларды белгилеп алыў болып табылады.
Мәмлекетимиз басшысы 2017-жыл 20-21-январь күнлери Қарақалпақстанда болып, аймақтың экономикасын раўажландырыў, социаллық шараятларды жақсылаў бойынша системалы илажларды белгилеп берген еди. Өткен ўақыт ишинде олар толық әмелге асырылды.
Сапар етиўдиң жуўмағынан соң ислеп шығылған бағдарламаға муўапық, санаатты раўажландырыў бағдарында улыўма баҳасы 160 миллиард сумға шамалас 242 жойбар орынланды. Бул дерлик 4 мың жумыс орнын жаратыў имканиятын берди.
Мысалы, Қараөзек районындағы «Қарақалпақ цемент» кәрханасында биринши басқышта жылына 200 мың тонна цемент, Нөкис қаласындағы «Техник глобал» кәрханасында «Самсунг» бренди тийкарында жылына 150 мың телевизор, «Нөкис полимер» кәрханасында жылына 8 мың тонна полиэтилен қубырлары менен хожалық буйымларын ислеп шығарыў жолға қойылды. Төрткүл районындағы «Вегатекс глобал» кәрханасында жылына 5 мың тонна ийирилген жип ислеп шығарылмақта.
Қарақалпақ халқы ушын оғада әҳмийетли ҳәм тийкарғы мәселе болған ишимлик суўы машқаласы жыллар даўамында шешилмей киятырған еди. Соны инабатқа алып, қысқа ўақытта 101 километрлик «Қоңырат – Мойнақ» суў қубыры ҳәм «Қоңырат» суў бөлистириў қурылмасы қурып питкерилди. Соның нәтийжесинде Мойнақ районындағы 25 мың халық таза ишимлик суўы менен тәмийинленди.
Буннан тысқары, инвестициялық бағдарламаларға муўапық бюджет қаржылары ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў қоры қаржылары есабынан ҳәрекеттеги суў тармақлары реконструкцияланды ҳәм жаңаланды. Усы тәризде 35 елатлы пунктте 50 мыңнан аслам адам ишимлик суўы менен тәмийинленгени бул бағдардағы жумыслардың избе-из даўамлы көриниси болды.
Тек ғана Қарақалпақстанның емес, ал пүткил елимиздиң мақтанышы болған, дүньяда «Саҳрадағы Лувр» деп даңқ таратқан И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниң саўлатлы екинши корпусы қурылып, жоқары халықаралық стандартлар тийкарында үкенеленди ҳәм пайдаланыўға тапсырылды.
Қарақалпақ мәмлекетлик үлкетаныў музейиниң имараты, Өзбекистан Қаҳарманы Ибрайым Юсупов атындағы инталы балалар мектеби, Әмир Темур атындағы дем алыў бағы, заманагөй имканиятларға ийе ири спорт комплекси қурылды. Имам Ийшан Муҳаммед жомъе мешити реконструкцияланып, пайдаланыўға тапсырылды.
Бундай өзгерислер барлық районларда, аўыллар менен елатлы пунктлерде әмелге асырылды. Аймақтың экономикасы раўажланды, халықтың турмыс дәрежеси артты. Ең әҳмийетлиси адамлар оны өз турмысында сезинбекте.
Сонлықтан Қарақалпақстан халқы Президентимиздиң бул ретки сапар етиўин де көтериңкилик пенен күтти. Сапар етиўдиң күн тәртиби, танысылған объектлер ҳәм белгиленген илажлар өзине жараса әҳмийетли, кең көлемли болмақта.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасына сапар етиўин Шымбай районындағы 8-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинен баслады.
Сапар етиўдиң балалар бақшасынан басланғанында үлкен мәнис бар, әлбетте. Президентимиз өзиниң ҳәр бир шығып сөйлеген сөзинде ҳәм аймақларға сапар етиўинде мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасын арттырыў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде балаларды мектепке сапалы таярлаўды түп-тийкарынан жақсылаў, тәлим-тәрбия процесине дүнья әмелиятында кеңнен қолланылатуғын заманагөй билимлендириў бағдарламалары менен технологияларын енигизиў басламасын көтерип, бул бағдарда әҳмийетли ўазыйпаларды алға қоймақта.
Президентимиздиң 2016-жыл 29-декабрьдеги «2017-2021-жылларда мектепке шекемги билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, соның ишинде, аўыллық елатлы пунктлерде жаңа, әне, усындай объектлерди қурыў, оларды заманагөй үскенелер, оқыў-методикалық қолланбалар, мультимедия ресурслары менен тәмийинлеў илажлары көрилмекте.
Шавкат Мирзиёевтың усы жыл 30-сентябрьдеги «Мектепке шекемги билимлендириў системасын басқарыўды түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги шөлкемлестирилди. Жаңа министрликтиң тийкарғы ўазыйпалары басқышпа-басқыш барлық балаларды мектепке шекемги билимлендириў системасына қамтып алыў, өз-ара бәсекилесиўши мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес МБМлар тармағын жаратыў, әмелиятқа мектепке шекемги билимлендириў ҳәм балаларды тәрбиялаўдың альтернатив түрлерин енгизиўден ибарат.
Усы қарар менен пәрманды орынлаў бойынша бүгин Қарақалпақстан Республикасында да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Аймақта 318 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси болып, олардың үшеўи жеке меншик, 7ўи ҳәр қыйлы шөлкемлердиң қарамағында. Оларда 48 мың 106, улыўма балалардың 32 проценти тәлим-тәрбия алмақта.
Мәмлекетимиз басшысы бул бақшада балаларға жаратылған шараятлар менен танысты, оларды жақынласып киятырған Жаңа жыл байрамы менен қутлықлады.
Мектепке шекемги билимлендириў системасына айрықша итибар қаратып атырғанымыз тегиннен емес, деди Шавкат Мирзиёев. Жаслардың тәрбиясына бүгин итибар бермесек, ертең кеш болыўы мүмкин. Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин Қарақалпақстанның ықлым шараятынан келип шығып қурыў керек. Ҳәр бир бөлмени ысытылатағун пол менен тәмийинлеў зәрүр. Буннан тысқары, усы сала ушын кадрлар таярлаў системасын да қайта көрип шығыў, бул ушын жоқары билимлендириў орынларының жанында арнаўлы курслар шөлкемлестириў зәрүр. Тәрбияшылардың дәрежеси балалардың келешеги ушын үлкен әҳмийетке ийе.
Президентимиз жаңадан қурылып атырған бақшалардың жойбарын таярлаўда Қубла Корея тәжирийбесин енгизиў зәрүрлигин атап өтти.
Бундай объектлерди ески руўхтағы жойбарлар тийкарында қурыў өзин ақламай атыр. Балалардың жатақханалары менен сабақ өтиў бөлмелерин кең ҳәм жақтылы етип қурыўымыз, ҳәкимшилик бөлмелерди ықшамластырыўымыз керек, деди мәмлекетимиз басшысы.
Усы жерде 50, 100, 150 орынлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң үлги жойбарларын таныстырыў болып өтти. Жаңа жойбарларда мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес тармақларын буннан былай да кеңейтиў, олардың арасында саламат бәсекилик орталығын жетилистириў, мәмлекетлик ҳәм жеке сектор шериклиги шәртлеринде мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жаңа түрлерин енгизиў сыяқлы мағлыўматлар өз сәўлелениўин тапты.
Педагогика колледжин тамамлаған жасларды қайта таярлаў курсларына тартып, оларды мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине жумысқа қабыл етиў бойынша тапсырма берилди.
Президентимиз Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалының Шымбай районындағы академиялық лицейинде болды.
Усы жерде фармацевтика санаатын буннан былай да раўажландырыў, дәри-дәрмақ қуралларын ҳәм медициналық буйымларды ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў, ишки базарды елимизде ислеп шығарылған сапалы препаратлар менен толықтырыў бағдарында әмелге асырылатуғын перспективалы жойбарлар усынылды.
Мәмлекетимиз басшысы усы саланың перспективасын жоқары баҳалап, бул бойынша қәнигелер таярлаў системасын жетилистириў зәрүрлигин атап өтти.
Пахтаны пайда берсе де, пайда бермесе де еге бериўдиң ўақты өтти. Дәрамат бермеди ме, басқа егин егиў керек. Мысалы, боян тамыр бул аймақтың ықлымы менен шараятына сәйкес келеди. Солай екен, не ушын оны көбейтиўди жолға қоймаўымыз керек, деди Шавкат Мирзиёев.
Шымбай районындағы «Lanextrakt» қоспа кәрханасында боян тамырынан экстракт ислеп шығарылады. Кәрханада жылына 30 мың тонна боян тамыры қайта исленип, 1,3 мың тонна экстракт таярланады. Қытайлы инвесторлар менен биргеликте шөлкемлестирилген кәрханада 200 жумыс орны жаратылған.
Президентимиз Қарақалпақстан Республикасында фармацевтика плантацияларын шөлкемлестириў ҳәм жетистириў жойбары менен де танысты. Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 3-майдағы «Нукус-фарм», «Замин-фарм», «Касансай-фарм», «Сырдәрья-фарм», «Байсын-фарм», «Бостанлық-фарм» ҳәм «Паркент-фарм» еркин экономикалық зоналарын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы пәрманын орынлаў бойынша аймақта кең көлемли жумыслар әмелге асырылып, бар өндирислик имканиятлар менен ресурслар потенциалынан нәтийжели пайдаланыў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Аймақта фармацевтика санаатын раўажландырыў бағдарында 2018-2019-жылларда баҳасы 27 миллион долларға тең 17 жойбардың әмелге асырылыўы режелестирилген. Усы жойбарлар шеңберинде 37 түрдеги фармацевтика өнимлери ислеп шығарылады ҳәм олардың бир бөлеги экспорт етиледи.
Нөкис қаласындағы «Нукус Мед Тех» ЖШЖ тәрепинен медициналық буйымлар, «Берлин фарм» ЖШЖ тәрепинен онкологиялық дәри қуралларын ислеп шығарыў жолға қойылады. Төрткүл районындағы «Төрткүл шийше ыдыслары» ЖШЖде фармацевтика шийше ыдыслары таярланады.
Усы сыяқлы фармацевтикалық өнимлерди ислеп шығарыўға қаратылған басқа да жойбарлар усыныс етилди. Жойбарларда целлюлоза ислеп шығарыў туўралы да мағлыўмат берилди. Еки басқышта әмелге асырылатуғын бул жойбар қағаз ислеп шығарыўдан таяр өнимге шекемги процессти өз ишине алады.
Қарақалпақстан Республикасында бос турған ҳәм аз қуўатлылық пенен ислеп атырған имаратлар менен жерлердиң хатлаўдан өткерилгени ҳаққындағы мағлыўмат тийкарында жаңа кәрханаларды иске қосыў нәзерде тутылмақта. Сондай-ақ, жойбарларда кем тәмийинленген шаңарақларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша усыныслар орын алған.
Мәмлекетимиз басшысы Шымбай районының белсендилери ҳәм зыялылары менен ушырасты. Ушырасыўда бүгинги дүньяда жүз берип атырған өзерислер, халықты қыйнап атырған машқалалар, билимлендириў, медицина системасын жетилистириў бойынша пикир алысылды.
Шавкат Мирзиёев Тақыятас районына келди.
Бул жерде Қарақалпақстан Республикасын комплексли раўажландырыў бойынша 2017-жылы әмелге асырылған жумыслар туўралы мағлыўмат берилди. Президентимиздиң алдыңғы сапар етиўинен соң 2 мың 112 жойбар әмелге асырылды. Санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў салаларындағы усы жойбарлар нәтийжесинде экспортқа жарамлы өнимлерди ислеп шығарыў жолға қойылды, 11 мыңға шамалас жумыс орны жаратылды.
Қарақалпақстан Республикасын 2018-2019-жылларда комплексли раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде және 1 мың 309 жойбар режелестирилген. Оларды әмелге асырыўға инталы кәрханалар менен коммерциялық банклердиң қаржылары, шет ел инвестициялары бағдарланады. Соның нәтийжесинде жаңа өнимлерди ислеп шығарыў өзлестириледи, жергиликлилестириў ҳәм қайта ислеў дәрежеси артады, 10 мыңға шамалас жумыс орны шөлкемлестириледи.
Аймақтың санаатын жаңа басқышқа көтериў мақсетинде елимиздеги ири кәрханалар да тартылған. Атап айтқанда, Наўайы кән-металлургия комбинаты Тақыятас районында металл конструкциялар ҳәм стандарт емес үскенелер, Алмалық кән-металлургия комбинаты Қараөзек районында темир-бетон өнимлер ҳәм қум-шағал тас ислеп шығарыўы режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы Қарақалпақстан экономикасын диверсификациялаў, қосымша қунға ийе өнимлер ислеп шығарыў ҳәм экспортты кеңейтиў бойынша көрсетпелер берди.
Тебинбулақ кәнин өзлестириў перспективаларына айрықша итибар қаратылды. Ҳәзирги күнде елимизде металл өнимлер бар усындай буйымларды еритиў арқалы ислеп шығарылмақта. Тебинбулақ кәни темир рудасының үлкен резервине ийе. Усы кәнди өзлестириў еки басқышта әмелге асырылады. Нәтийжеде 2021-жылдан баслап жылына 1 миллион тонна полат ислеп шығарыў имканияты пайда болады. Бул бағдардағы жумысларды шөлкемлестириў мақсетинде «Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң қурамында дирекция шөлкемлестирилди.
Нәтийжесиз пайдаланылып атырған объектлер тийкарында жаңа кәрханалар шөлкемлестириў жойбарлары туўралы да мағлыўмат берилди. Қарақалпақстанда 6 киши санаат зонасын шөлкемлестириў режелестирилген. Олардағы объектлер 5 жыл мүдддетке соңынан мүлк ҳуқықын рәсмийлестириў шәрти менен бийпул бериледи. Инженерлик-коммуникация тармақларын қурыў ҳәм тиклеў жумыслары мәмлекетлик бюджет есабынан әмелге асырылады. Сол тәризде бул кәрханаларда өндиристи жолға қойыў, исбилерменликти раўажландырыў ушын зәрүр шараят жаратылады.
Усы жерде «Өзбекқурылысматериаллары» ҳәм «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийетлери тәрепинен әмелге асырылатуын жумысларға, Аралбойы халқының турмыс дәрежесин жақсылаўға қаратылған режелер таныстырылды.
Президентимиз бул режелер менен мақсетлердиң Қарақалпақстан турмысындағы әҳмийетине айрықша итибар қаратып, олардың ҳәр бири бойынша тапсырмалар берди.
Мәмлекетимиз басшысы Хожели районында қурылып атырған заманагөй логистика орайында болды. Бул аймақта логистика орайын қурыў тапсырмасы Президентимиздиң усы жыл январь айында Қарақалпақстанға сапар етиўи даўамында берилген еди.
«Хожели агросанаат орайы» ЖШЖ тәрепинен шөлкемлестирилип атырған орай аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў, қайта ислеў ҳәм экспорт етиў менен шуғылланады, ишки базарды аўыл хожалығы өнимлери менен избе-из тәмийинлеўге, жер майданларынан өнимли пайдаланыўға, жаңа жумыс орынларын жаратыўға, елимиздиң экспорт потенциалын арттырыўға хызмет етеди.
15,3 гектар майданды ийелеген комплексте 2018-жылы 5 мың тонна мийўе-овощты қадақлаў, сайлап алыў ҳәм қайта ислеў имканияты жаратылады. 150 адам жумыс пенен тәмийинленеди.
Усы жерде Қарақалпақстанда азық-аўқат санааты саласында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарларды, шарўашылықты, қусшылықты, пал ҳәррешиликти ҳәм балықшылықты раўажландырыў бойынша бағдарламаларды таныстырыў болып өтти. Атап айтқанда, 2018-2019-жылларда мийўе-овощты ҳәм гөшти қайта ислеўге, музлатқышлар қурыўға байланыслы 70 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. 2018-2020-жылларда шарўашылық пенен қусшылықты раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде 250 жойбарды турмысқа енгизиў нәзерде тутылған. Нәтийжеде 730 дан аслам жумыс орны жаратылады. 2018-2020-жылларда балықшылықты раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде 6 жойбар орынланады. Нөкис ҳәм Қанлыкөл районларында салы атызларында балық жетистириў технологиясы енгизиледи.
Президентимизге 2018-жылы Қарақалпақстанда қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыў бағдарламасының жойбары да таныстырылды.
Мәмлекетимиз басшысы бул жойбарлардың әҳмийетине тоқтап, оларды және де жетилистириў ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў бойынша тапсырмалар берди.
Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасында мелиорация ҳәм ирригация тармақларын қурыў ҳәм реконструкциялаў жойбарлары менен танысты.
2013-2017-жылларда Аралбойы регионында бюджет ҳәм орайласқан капитал қаржылар есабынан 248 миллиард сумлық ирригация-мелиорация илажлары әмелге асырылып, 140 мың гектар жердиң суў тәмийнаты ҳәм 231 мың гектар жердиң мелиоративлик жағдайы жақсыланды.
Президентимиздиң усы жыл 27-ноябрьдеги «2018-2019-жылларда ирригацияны раўажландырыў ҳәм суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары бул бағдардағы жумыслардың көлемин және де кеңейтиўге хызмет етеди.
Усы қарарға муўапық, келеси еки жылда дерлик 140 километр каналлар ҳәм 63 гидротехникалық қурылма реконструкцияланып, 60 мың гектар суўғарылатуғын жердиң мелиоративлик жағдайы жақсыланады. 246 километрден аслам коллекторларды қурыў-реконструкциялаў, 3 мың 735 километр узынлықтағы коллекторларды оңлаў ҳәм тиклеў жумыслары әмелге асырылады. Нәтийжеде 89 мың гектар майданның мелиоративлик жағдайы жақсыланып, аўыл хожалығы егинлеринен алынатуғын зүрәәтти арттырыўға ерисиледи.
Төрткүл районында қурылысы режелестирилип атырған Шорбулақ суў сақлағышы Әмиўдәрьяның төменги ағымында суў тамтарыс жылларда суў тәмийнатын жақсылаў, аймақта балықшылықты, шарўашылықты, бағшылықты раўажландырыў ҳәм қосымша жумыс орынларын жаратыў имканиятын береди.
Арал теңизиниң қәдди төменлеп, жағадан 180-200 километр узақласып кеткени Әмиўдәрьяның төменги ағымына кирип келетуғын суўлардың жоқары қыялықтан түсиўине ҳәм Мойнақ районындағы Дәрья аралығы суў сақлағышының жанында тик жарлықлардың пайда болыўына алып киятырғаны белгили. Ол Мойнақ суў сақлағышына, Рибачье, Мақпалкөл, Закиркөл көллерине суўдың жетип бармаў, аймақтағы балық ҳәм ҳайўанатлар дүньясының жоқ болып кетиў қәўпин туўдырмақта.
Бул қәўиптиң алдын алыў мақсетинде 2013-2017-жылларда арқа ҳәм шығыс дамбаларды реконструкциялаў және суў өткериў жумысын тиклеў жумыслары орынланды. Гезектеги басқышта Майпост көли бойлап бөгет жолын тиклеў ҳәм көлден Әмиўдәрьяның ески аңғарына суў өткериў имканиятын беретуғын гидротехникалық қурылма қурыў нәзерде тутылған.
Мәмлекетимиз басшысына қубла Қарақалпақстанда суў ресурсларын басқарыўды жақсылаў жойбары ҳаққында да мағлыўмат берилди.
Жойбар тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар себепли Елликқала, Беруний ҳәм Төрткүл районларында 100 мың гектарға шамалас жер суў менен тәмийинленип, жылына 269 миллион кубометр суў үнемленеди. 23 насос станциясы, Суў тутыныўшылары ассоциациясы ҳәм фермер хожалықлары есабындағы 450 ден аслам насос агрегатларының сапластырылыўы ҳәр жылы 52 миллион киловатт саат электр энергиясын үнемлеў имканиятын береди.
Президентимиз ирригация саласындағы жойбарларды сапалы орынлаў ҳәм регионда суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша усыныслар берди.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары ҳәм белсендилер менен ушырасыў өткерди. Онда усы күнге шекем орынланған жумыслар сын көз-қарастан талқыланып, барлық салаларды раўажландырыў бойынша келешектеги еки жылда әмелге асырылатуғын тийкарғы бағдарлар менен әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.
Елимиздиң тийисли министрликлери, сондай-ақ, компаниялар менен банклердиң басшыларын турақлы түрде аймақларға жиберип, орынлардағы қосымша резервлерди излеп табыў, анық инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бойынша илажлар избе-из даўам еттирилмекте, деди Шавкат Мирзиёев. Қарақалпақстанға бүгинги сапар етиўден алдын еки ҳәпте даўамында жумыслар әйне усы тәртипте шөлкемлестирилди ҳәм қосымша инвестицияларды тартыўға бағдарланған жаңа бағдарламаның жойбары ислеп шығылды.
Усы бағдарламаға муўапық, 2018-2019-жылларда Қарақалпақстан Республикасында улыўма баҳасы 4,5 триллион сум болған 1 мың 300 ден аслам жойбар әмелге асырылады ҳәм дерлик 10 мың жумыс орны жаратылады. Соның ишинде, санаат тармақларында баҳасы 492 миллион долларға тең болған 232 инвестициялық жойбар турмысқа енгизиледи.
Соның менен бирге, Қарақалпақстанда жанылғы-энергетика ҳәм кән-металлургия саласында улыўма баҳасы 3,4 миллиард доллардан аслам 5 ири жойбарды енгизиў режелестирилмекте, деди мәмлекетимиз басшысы.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Қарақалпақстан Республикасына сапары даўам етпекте.
ӨзА