«Microsoft»тың  тийкарын салыўшы Билл Гейтс өзиниң «NBC»ға берген интервьюинде адамзаттың коронавирустан қалайынша қутылыўы мүмкин екенлиги ҳаққындағы пикирлерин билдирди.

Оның пикиринше, адамзаттың пандемия белгилеринен азат болып, күнделикли турмыс тәризине қайтыўдың бирден-бир шәрти жоқары нәтийжели вакцинация илажлары болыўы зәрүр.

Гейтс, кеселликтиң дүнья көлеминде сапластырылыўының бирден-бир жолы ғалаба вакцинацияны әмелге асырыў, деп есаплайды.

 

ӨзА