Бүгин, 10-октябрь күни Кегейли районында санлы технологиялар оқыў орайы ашылды.

 

Бул орайда районда жайласқан барлық мектеплерде 5-11-классларда билим алып атырған 9 000 нан аслам оқыўшыларды, сондай-ақ, жәмлеспеген жасларды және кәрхана, шөлкемлерде жумыс ислеп атырған хызметкерлердиң мәлимлеме-коммуникациялық тараўлар бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырыў жобаластырылған.

 

Кегейли районы санлы технологиялар оқыў орайына ӨзР Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларды раўажландырыў министрлиги тәрепинен оқыў курсларын шөлкемлестириў ушын оқыў бөлмесине 11 дана, киберспорт бөлмесине 5 дана, робототехника бөлмесине 3 дана компьютер техникалары орнатылып, интернет тармағына жалғанды.

 

Мағлыўмат ушын, министрлик тәрепинен 2019-жылда Нөкис қаласы, Мойнақ, Беруний ҳәм Қанлыкөл, 2020-жылы Елликқала, Әмиўдәрья районларында санлы технологиялар оқыў орайлары шөлкемлестирилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.