Уллы ағартыўшы М.Беҳбудийниң 145 жыллығына

Ҳүрметли Президентимиз жақында ғана мүғаллимлер ҳәм устазлар күнине бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде быйылғы жылы 145 жыллығы белгиленип атырған уллы ағартыўшы Маҳмудхўжа Беҳбудий исмин тилге алып, оның өз ўақтында биз ушын еки емес, төрт тилди билиў зәрүр, деп жар салғанлығын атап өтти.

Ҳақыйқатында да ХХ әсирдиң басларында ағартыўшы жадид бабаларымыз пүткил өмирин миллий ояныў идеясына бағышлап, үлкени саўатсызлық ҳәм қалақлықтан алып шығыў, миллетимизди ғәплет батпағынан қутқарыў ушын бар күш ҳәм имканиятларын жумсағанлығын, бул жолда олар өз жанларын да қурбан еткенлигин тарийхтан жақсы билемиз.
Мине усындай ағартыўшы инсанлар арасында Маҳмудхўжа Беҳбудий исми ҳүрмет пенен тилге алынады.

Атақлы жазыўшы, жәмийетлик ғайраткер ҳәм өзбек драматургиясының тийкарын салыўшы, жадидшилик ҳәрекети, яғный жаңаша оқыў методикасы лидери дәрежесине жетиў М.Беҳбудий ушын аңсатлыққа түспеди.

Тек ғана 44 жас өмир сүрип ел-журтын илим-билимге шақырып, оның илим арқалы дүньяға  танылыўын нийет еткен ағартыўшының арзыўлары әрман болып қалды.

1875-жылы 2-январьда Самарқанд қаласында муптийлер шаңарағында дүньяға келген атақлы ағартыўшының әкеси ислам дининиң жетик қәнигеси болған ҳәм динге байланыслы көплеген мақалалар жазған, илимий жумыслар алып барған.

Сол себепли ол диний ҳәм дүньялық илимлерден хабардар болып өскен.

Балалығынан әдебият, тарийх пәнлери менен қатар сиясатқа да қызығып, үйренип барған.

Газета-журналлар оқыў арқалы дүньяда жүз берип атырған жаңалықларды оқып олардың өзи жасап атырған орталық пенен сәйкеслигин таллап барған.

Мәккеге, Египет ҳәм Стамбулға саяхатлары оның дүньяқарасының пүткиллей өзгериўине алып келген.

Буннан соң өзи де газета-журналлар менен байланыслар орнатып, өз мақалаларын шығарып, усы мақалаларында мектеп билимлендириўин ҳәм көркем өнерди раўажландырыў мәселелерин ортаға таслаған.

Әлбетте, усы жерде Ҳүрметли Президентимиздиң муғаллимлер ҳәм устазлар күнине бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде  ата-аналар жаңа Ояныў дәўириниң бесинши шынжыры, бесинши тиреги болады деп бийкарға жоқары баҳа бермегенлигин атап өтиўимиз керек.

Себеби Маҳмудхўжа Беҳбудийдиң қанындағы ўатансүйиўшилик, илим-билимге қуштарлық, дүнья менен теңдей қәдем басыўға болған умтылыс сыяқлы пазыйлетлер, ең дәслеп ата-анасы берген тәрбия, шаңарақтағы тәлим-тәрбия орталығы, устазларынан алған билим арқалы екенлигин тән алыўымыз керек.

Тынымсыз изленислери арқалы сол ўақытлары И.Гаспринскийдиң редакторлығында шығып турған «Таржумон» газетасының турақлы авторларының бири болыўы менен бирге,  «Ойна» журналына да тийкар салады.

Бул журналдың 1913-жылдан 1915-жылға шекем 68 саны жарық көрген.

Ол 1899-жылы ҳажы сапарына барып, ол жерден муптий атағына ийе болып қайтқан.

Бехбудий 200ден аслам өзбек ҳәм тәжик тиллериндеги илимий мийнетлердиң авторы болыўы менен бирге жазыўшы сыпатында да өзин сынап көрген.

1911-жылы «Падаркуш» драмасын жазып онда жас әўладтың жетик билимли ҳәм мәдениятлы болыўын сөз еткен.

Бул драма 1912-жылда «Туран» газетасында басылған болса, 1913-жылы өз алдына китап етип шығарылған.

Самарқанд, Бухара, Ташкент қалалары театрларында сахналастырылған.

Усылай етип М.Беҳбудий өзбек драматургиясының тырнағын қалаған.

Лекин, М.Беҳбудий жасаған аласапыран заман, сол ўақытлардағы жәмийетлик дүзим оны 1919-жылы наҳақлық қурбаны болыўға дуўшар етти.

Бүгин бабамыз әрман еткен күнлер келди. Мәмлекетимиз басшысы өзи жолбасшы болып үшинши Ренессанс дәўирин баслап бермекте.

Маҳмудхўжа Беҳбудий уллы ағартыўшы ҳәм жетекши жадидши сыпатында миллий мәдениятымыз тарийхынан айрықша орын ийелейди.

 

  Раўаж Отарбаев –Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм Республикалық «Мәрипат» үгит-нәсиятшылар жәмийети ағзасы, шайыр.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги