Тақыятас районлық ИИБ жол ҳәрекети қәўипсизлиги топарының аға инспекторы А.Бекбосыновтың «Қарақалпақстан» телеканалы «Хабар» информациялық бағдарламасына берген интервьюсында мәлим етилиўинше, 2020-жыл 1-октябрь күни Тақыятас районы «Кенегес» АПЖ аймағында жасайтуғын пуқара Ә. усы аймақтан өтетуғын 4N-55 жолының 2-километринде мәс ҳалында жолдың ортасында уйқлап қалған. Ақыбетинде пуқара А. басқарыўындағы «Nexia» маркалы автомобильдиң астында қалып қойып, ўақыя орнында қайтыс болған.

Сондай-ақ, усы жылдың 2-октябрь күни усы аймақта жасайтуғын пуқара Ж.Х. «Matiz» маркалы автотранспорт қуралы ишинде қызы ҳәм келинин райондағы емлеўханаға алып баратырған ўақтында «Қоңырат-Нөкис» жөнелисинде ҳәрекетленип киятырған тепловоз бенен соқлығысқан. Ўақыя ақыбетинде автомобильдеги жолаўшылар – пуқара Ж.Х.ның қызы ҳәм келини емлеўханада өзине келместен қайтыс болған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.