«Uzbekistan Airways» коронавирус пандемиясы дәўиринде социаллық аралықты сақлаў әҳмийетли екенлиги себепли багажларды рәсмийлестириў тәртибине өзгерислер киргизди деп хабар береди xs.uz.

«Социаллық аралыққа әмел етиў мақсетинде орынлыққа жайласыў ўақтын  қысқартыў, сондай-ақ, жолаўшылар ҳәм экипаж ағзалары арасындағы артықша сөйлесиўди шеклеў ушын қол жүклерин тасыўына шеклеўлер киргизилди. Енди, ҳаўа кемесине тек ғана пәрўаз ўақтында зәрүр болатуғын ҳаяллардың сумкасы, портфель, ноутбук, балалар буйымлары салынған сумканы алып кириў мүмкин. Басқа буйымлар болса  қатнаўға дизимнен өтилип атырған ўақытта багажға тапсырылыўы шәрт.

Пайдаланылмайтуғын қол жүги бийпул тасыў мүмкин болған багажға қосылады. Яғный, белгиленген 8 килограмм қол жүгинен тек ғана 2 килограммды самолётқа алып кириўиңиз мүмкин болады. Қалған 6 килограмм болса багаж ушын руқсат берилген жүк муғдарына бийпул қосылады», делинеди хабарда.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги