Грипп, аязлаў сыяқлы кеселликлерди емлеў ҳәм алдын алыўда ҳеш қандай тәсир көрсетпейтуғын бир қанша халық медицинасы усыллары бар. Бул ҳаққында Россия педиатрлар аўқамы ағзасы Ирина Добрецова «Ридус»қа айтып берди.

Ең пайдасыз усыллар арасында қайнатылған картошка менен ингаляция етиў де бар. Шыпакердиң сөзлерине бола, бул усыл тек ғана пайда бермейди емес, ал қәўипли болып та есапланады. Себеби, силекей қабатларды күйдирип қойыўы анық. Балаларды емлеўде усы усылды ҳеш қашан қолланбаў керек, деп айтады педиатр.

Екинши гүманлы қурал-ыдыстағы ыссы суўға аяқларды салып отырыў. Грипп ҳәм ОРВИда бул ҳеш қандай жәрдем бермейди. Бундай ванналардан басқа мақсетлерге пайдаланған мақул. Мәселен, жумыстан соң стрессти алыў ушын оғада қолайлы. Бунда ыссы суўға хош ийисли майлар, аяқты массаж етиўши шаршалар қосыў усыныс етиледи.

Вируслы респираторлы кеселликлердиң алдын алыўда лимон, аскорбинка ҳәм С витамининиң басқа дәреклеринен пайдаланыў нәтийже бермейди. Бул витамин организмниң инфекцияларға бейимлилигине тәсир көрсетпейтуғыны илимий жақтан дәлийлленген.

Оның пикиринше, чесноклы «тумар» да ҳеш қандай пайда бермейди.

«Чеснокты мойнында ямаса қалтада алып жүриў -кәсиплес ҳәм қоңсыларын қорқытыўдың жақсы усылы. Бул коронавирус пандемиясы дәўиринде социаллық аралық сақлаў ушын әжайып илаж»,-дейди Добрецова.

Шыпакер қол жуўыўды, бетти усламаўды, адамлар жыйналатуғын жерлерге бармаўды усыныс етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги