Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 2020-жылдағы 5-санлы протоколы тийкарында бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша еселенген төлемли контракттиң минимал муғдарлары тастыйықланды.

 

Усы муғдарлар быйылғы жылы кириў имтиханлары нәтийжелерине муўапық топлаған баллары тастыйықланған қабыллаў параметрлери шегарасына 4 баллдан көп жетпей қалған ҳәм Мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен белгиленетуғын минимал балл (56,7 балл)дан кем болмаған ҳалда қосымша түрде оқыў нийетин билдирген абитурентлерге биринши оқыў жылы ушын қолланылады.

 

Бакалавриат тәлим бағдарларының күндизги тәлим түри бойынша еселенген төлемли контракт муғдарлары усы тәлим түри ушын белгиленген стипендиясыз базалық төлемли контракт муғдарларына 10 процентли шегирме қолланған ҳалда есапланады.

 

Төмендеги файлды жүклеп алыў арқалы быйылғы жылғы «супер контракт» баҳалары менен танысыўыңыз мүмкин.

Еселенген контракт

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.