2020-2021-оқыў жылына республикалық жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине кириў имтиханларының нәтийжелери тийисли жоқары оқыў орынларының рәсмий веб-сайтларында жәрияланады.

 

Республикалық жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине абитуриент сыпатында ҳүжжет тапсырып, кириў имтиханларында (онлайн тест сынақларында) қатнасқан абитуриентлер өзлериниң нәтийжелери менен тийисли жоқары оқыў орнының рәсмий веб-сайты арқалы бүгин, 7-октябрь күни саат 17:00 ден баслап танысыўы мүмкин.

 

Магистратура қәнигеликлерине усыныс етилген абитуриентлерден тийисли жоқары оқыў орынларына мүрәжат етиўи соралады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.