Бүгинги күнде республикамызда пахта жыйын-терими  қызғын даўам еттирилип, усы жылға белгиленген реже миннетлемелерин орынлап атырған фермерлердиң қатары көбеймекте.

Беруний районы «Шимом» аўыл пуқаралар жыйынындағы «Алма» фермер хожалығы жақсы нийетлер менен 30 гектар жердеги ғаўаша майданынан  75 тонна пахта тапсырып, жыллық режени артығы менен орынлады.

– Пахта миллий байлығымыз. Оны тез ҳәм қалдырмай жыйнап алыў тийкарғы  ўазыйпамыз болып есапланады,  – дейди фермер хожалығының ағзасы Шерзод Раманов. Хожалығымызда 12 жумысшы жыйын-теримде белсене қатнаспақта.  Олар ушын барлық қолайлықлар жаратылған.

Сондай-ақ, усы райондағы «Бийбазар» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан  «Акром»  фермер хожалығы да 70 гектар жерден 168,6 тонна пахта жетистирип, быйылғы жылғы режени 103,4 процентке  орынлады.

Фермер хожалығы баслығы П.Каримов пахта жыйын-теримде белсене қатнасқан алдынғы теримшилерге миннетдаршылық билдирип, естелик саўғаларын тапсырды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы