Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-октябрь күни Корея Республикасы Президенти Мун Чже Ин менен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекетимиз басшысы сөйлесиў алдында Өзбекстанның көп миллетли халқы атынан ҳәм өзиниң атынан Президент Мун Чже Инди ҳәм дос корейс елин Кореяның дүзилген күни ҳәм дәстүрий Чусок байрамы менен шын жүректен қутлықлап, тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Өзбекстан ҳәм Қубла Корея жетекшилери еллеримиз арасындағы айрықша стратегиялық шериклик статусындағы еки тәреплеме қатнасықлардың жағдайы ҳәм оларды және де раўажландырыў перспективаларын толық көрип шықты, сондай-ақ, халықаралық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысты.

Коронавирус глобал көлемде тарқалыўының кең көлемли Өзбекстан-Корея байланыслары ушын ақыбетлерин азайтыў мақсетинде ҳәр қыйлы дәрежелерде жедел бирге ислесиў ҳәм турақлы нәтийжели сөйлесиўди даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Өзбекстан Президенти пандемияға қарсы нәтийжели гүресиўди шөлкемлестириў, бул кеселликти профилактика етиў ҳәм емлеў бойынша алдыңғы тәжирийбени енгизиўге Корея Республикасы тәрепинен көрсетилген әмелий жәрдем ушын кәсиплесине миннетдаршылық билдирди.

Денсаўлықты сақлаў министрликлери ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер дәрежесинде тығыз өз-ара муўапықласыўды, атап айтқанда, емлеў методикасын жетилистириў, вакциналар ислеп шығыў ҳәм олардан пайдаланыўды тәмийинлеў бағдарында даўам еттириўге келисип алынды.

Сөйлесиў ўақтында болажақ жоқары дәрежели ушырасыўлардың күн тәртибин таярлаўға айрықша итибар қаратылды.

Атап айтқанда, Президентлер саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў, өз-ара товар алмасыўды кеңейтиў ҳәм кооперацияны күшейтиў ушын қолайлы шараятларды қәлиплестириў, атап айтқанда, зәрүр ҳуқықый базаны беккемлеў ҳәм исбилерменлик басламаларын алға қойыўға жәрдемлесиў мәселелерин көрип шықты.

Мәмлекет басшылары еки ел ҳүкиметлерине инвестициялық, қаржы-техникалық ҳәм гуманитарлық бирге ислесиў шеңберинде әмелге асырылып атырған 65 қоспа жойбарды, бәринен бурын, Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги ҳәм Экономикалық раўажланыў ҳәм бирге ислесиў қоры шеңберинде денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў тараўларындағы социаллық әҳмийетке ийе бағдарламаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў бойынша тапсырма берди.

Буннан тысқары, Өзбекстан ҳәм Қубла Кореяның жетекши компаниялары ҳәм банк-финанс институтларының қатнасыўындағы ҳәзирги күнде улыўма баҳасы 4 миллиард доллардан аслам болған перспиктивалы жойбарлар портфелин кеңейтиў бойынша өз-ара муўапықласқан илажлар қабыл етиледи.

Сөйлесиў соңында Президентлер еки халық арасындағы көп әсирлик дослық байланысларына тийкарланған көп қырлы қатнасықларды және де беккемлеў ҳәм кең көлемли  әмелий бирге ислесиўди алға қойыў бағдарында  исенимли екенин және бир мәрте тастыйықлады.

Сөйлесиў әдеттегидей қызғын, конструктив ҳәм дослық руўхында болып өтти.

 

ӨзА