Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты музыкалық тәлим бағдарының студенти, жас талант ийеси Қәллибек Муҳаммеддинов усы жылдың 19-30-сентябрь күнлери аралығында Түркия мәмлекетиниң Кемер қаласында онлайн тәризде өткерилген «Турецкие узоры» II Халықаралық көп жанрлық таңлаўында 1-орынды ийеледи.

 

– Таңлаўға Өзбекстанда хызмет көрсеткен журналист, белгили шайыр Алтынгүл Өтениязова сөзине, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Айжамал Төремуратова намасына «О, туўған жер» қосығын атқарып шықтым. Жетискенликлерге ерисиўиме тийкарғы себепши болған устазларым София Тәжетдинова ҳәм Сановар Романовалардан шексиз миннетдарман, – дейди Қәллибек Муҳаммеддинов.

 

Мағлыўмат ушын, Қәллибек Муҳаммеддинов усы жылдың 4-7-январь күнлери Қазақстан Республикасы Нур-Султан (Астана) қаласында өткерилген V Халықаралық көп жанрлы «Gloria» фестивалында қатнасып, эстрада бағдары бойынша 1-орынды, сондай-ақ, усы жылдың 13-16-февраль күнлери аралығында Россия Фередациясының пайтахты Москва қаласындағы Тишинская майданындағы Тишинка саўда орайында Халықаралық III «Восточный базар «Тюбетейка» мәденият фестивалында қатнасып, 1-орынды ийелеген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.