Усы жыл 13-декабрь күни Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Депутатлар Өзбекистан Республикасының 2018-жылғы Мәмлекетлик бюджетин ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлардың бюджетлерин, сондай-ақ, салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарларын көрип шықты. Мәжилисте Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары-қаржы министри Ж.Қўчқаров баянат жасады.
Депутатлар, усы ҳүжжетте нәзерде тутылған илажлар Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен белгилеп берилип атырған мақсетлер ҳәм тийкарғы бағдарларды, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўге қаратылғанлығын атап өтти. Быйылғы жылы белгиленген илажларды өз ўақтында ҳәм толық қаржыландырыўды тәмийинлеўге қаратылған күш-жигерди жумсаў бойынша бир қанша системалы жумыслар әмелге асырылды. Онда жергиликли бюджетлердиң еркинлигин арттырыў, дәраматлар түсимлериниң қосымша дәреклерин анықлаў, сондай-ақ, оларды тартыў есабынан бюджеттиң дәрамат бөлегин қәлиплестириў бойынша сапа жағынан жаңа көз-қараслардан пайдаланылды. Булардың барлығы соңғы нәтийжеде белгиленген макроэкономикалық көрсеткишлерге ерисиў имканиятын берди. Быйылғы жылдың бюджети барлық нәзерде тутылған қәрежетлер орынланған ҳәм тастыйықланған бағдарламалар қаржыландырылған ҳалда ЖИӨ ге салыстырғанда 0,1 процент профицит пенен орынланыўы күтилмекте.
Депутатлар өз итибарын Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық усы жылы басланған кең көлемли реформалар қосымша қаржы ресурсларын талап ететуғынына, усы мүнәсибет пенен бюджеттиң дәрамат бөлегин кеңейтиў ҳәм беккемлеў бойынша турақлы түрде жумыс алып барылып атырғанлығына қаратты.
Мәмлекетимиз экономикасының таяныш тармақларын қоллап-қуўатлаў, халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын социаллық қорғаўды күшейтиў, сондай-ақ, социаллық инфраструктура, турақ жай-коммуналлық хожалығы объектлерин, соның ишинде, жол қурылысы, суў тәмийнаты бойынша тастыйықланған бағдарламаларды қаржыландырыў ҳәм өз шешимин талап етип атырған басқа да машқалаларды сапластырыў бойынша өз мойнына алған миннетлемелерди толық көлемде орынламақта.
Соны да атап өтиў керек, мәжилис даўамында депутатлар бюджетти келеси жыл ушын режелестириў процесине енгизилип атырған инновациялық усылларды жоқары баҳалады.
Мәмлекетлик бюджет биринши мәрте жәҳән қаржы институтлары тәрепинен тән алынған макроэкономикалық көрсеткишлер, баҳалаў индекслери тийкарында дүзилгенлиги көрсетип өтилди. 2018-жылы ЖИӨ 290,6 триллион сум муғдарында болыўы болжанбақта, дефлятор 14,1 процентти, тутыныў баҳалары индекси 12-13 процентти қурайды. Мәмлекетлик бюджетти ЖИӨге салыстырғанда 0,02 процент профицит пенен тастыйықлаў усыныс етилди.
Соның менен бирге, 2018-жылғы салық сиясатының хожалық жүргизиўши субъектлердиң ҳәм халықтың дәраматларына салық жүгин және де азайтыўды, жергиликли бюджетлердиң дәраматын арттырыўды нәзерде тутатуғын тийкарғы бағдарлары белгиленгенлиги айрықша атап өтилди. Физикалық шахслардың дәраматынан алынатуғын салық жүги дәрежесин пуқаралардың жеке топланып барылатуғын есап бетлерине ажыратпалардың муғдарын 1 проценттен 2 процентке арттырыў есабынан азайтыў, жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын қатаң белгиленген салық ставкасын азайтыў усыныс етилди. Сондай-ақ, бир түрдеги салық салынатуғын базаға ийе болған салықлар менен төлемлерди бириктириў жолы арқалы салықлар және басқа да мәжбүрий төлемлердиң санын қысқартыў усыныс етилмекте.
Аймақлардың өзгешеликлери ҳәм хызмет көрсетиў орны есапқа алынған ҳалда, жергиликли ҳәкимият уйымларына физикалық шахслардың мүлк салығы, жер салығы ҳәм қатаң белгиленген салықлар бойынша белгиленген базалық ставкаларға байланыслы азайтатуғын ҳәм көбейтетуғын коэффициентлерди қолланыў ҳуқықының берилиўи олардың еркинлигин ҳәм жуўапкершилигин арттыратуғыны атап өтилди.
Болжаў көрсеткишлери 2018-жылы социаллық саланы қоллап-қуўатлаў бойынша жумыслар даўам еттирилетуғынынан дәрек бермекте. Атап айтқанда, социаллық сала қәрежетлери 34,7 триллион сумды қурайды.
Усы жағынан алып қарағанда, Нызамшылық палатасы денсаўлықты сақлаў саласын реформалаўда тиккелей қатнасатуғынлығы, соның ишинде, нызамшылық базасын жетилистириў әҳмийетли ўазыйпалардан бири есапланатуғыны атап өтилди. Бул салаға ажыратылып атырған мәмлекетлик бюджет қаржыларының мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўы процесслери үстинен төменги палата тәрепинен турақлы түрде мониторинг алып барылмақта. 2018-жылы усы салаға 9,6 триллион сум ажыратылады, ол быйылғы жылдың көрсеткишлерине салыстырғанда 30,9 процент көп. Бул, өз гезегинде, денсаўлықты сақлаў ҳәм халыққа медициналық хызмет көрсетиў саласын реформалаў бойынша қабыл етилген бағдарламалар шеңбериндеги барлық илажлар қаржыландырылыўын тәмийинлеў имканиятын береди. Депутатлардың пикирине бола, денсаўлықты сақлаў мәкемелерин, бәринен бурын шаңарақлық поликлиникаларды, қыстаўлы ҳәм тез медициналық жәрдем мәкемелерин дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар менен тәмийинлеў қәрежетлериниң көбейтилиўи күтилип атырғанлығы да әҳмийетли болып табылады. Усы мақсетлер ушын бюджет қәрежетлери 2018-жылы 2,5 есеге көбейтиледи. Буннан тысқары, Мәмлекетлик бағдарламаға ҳәм елимиз басшысының регионларға сапары ўақтында берген тапсырмаларына муўапық медицина мәкемелерин қурыў, реконструкциялаў, толық оңлаў ушын 753,6 миллиард сум муғдарында қаржы ажыратыў нәзерде тутылмақта.
Депутатлар медициналық хызметтиң автомобиль паркин жаңалаў, республикалық ҳәм аймақлық муўапықластырыў-диспетчерлик хызметлердиң мағлыўматларын бирден-бир узатыў тармағына бириктириў бойынша жумысларды даўам еттириўге байланыслы усынысларды қоллап-қуўатлады. Әне, усы мақсетлер ушын 141 миллиард сум ажыратыў режелестирилмекте.
Усы жағынан алып қарағанда, денсаўлықты сақлаў саласы бюджет қәрежетлери бөлегиниң тийкарғы статьяларынан бири есапланады ҳәм ол толық логикалық болып табылады. Депутатлардың атап өткениндей, халықтың денсаўлығы ҳәмме нәрседен әҳмийетли.
Соның менен бирге, қаржы қағыйдаларының бузылыўына жол қоймаўына, атқарыў тәртибин ҳәм бюджет қаржыларынан мақсетли пайдаланылыўы ушын жуўапкершиликти арттырыўға биринши дәрежели итибар қаратыў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.
Сол себепли бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыўда тәсиршең жәмийетлик ҳәм парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў үлкен әҳмийетке ийе. Жергиликли бюджетлердиң дәрамат дәреги беккемлениўи ҳәм олардың еркинлиги избе-из артып барылыўын есапқа алған ҳалда жергиликли ўәкиллик уйымлары ўәкилликлери менен имканиятларынан ақылға уғрас пайдаланылыўын ҳәм бюджетке түсимлер толық болыўын тәмийинлеў исине белсене қосылыўы керек. Бул бағдарда елимиз парламенти халық депутатлары жергиликли Кеңеслердиң депутатлық корпусына ҳәр тәреплеме жәрдем береди.
Додалаўлардың жуўмақлары бойынша депутатларды қызықтыратуғын барлық сораўларға ҳәр тәреплеме жуўап берилди.
Мәжилисте Өзбекистан Республикасы Бас министри А.Арипов шығып сөйледи.
Барлық сиясий партиялардың фракциялары ҳәм Экологиялық ҳәрекет депутатлық топарының шығып сөйлеген ўәкиллери Ҳүкимет тәрепинен усынылған 2018-жылғы Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлериниң жойбарын, сондай-ақ, салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарларын қоллап-қуўатлаўды усыныс етти. Жойбар Нызамшылық палатасы тәрепинен тастыйықланды.
Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси
Нызамшылық палатасының Мәлимлеме хызмети