Усы күнлери Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары Улуғбек Иноятов басшылығындағы мәмлекетимиздиң парламент делегациясы әмелий сапар менен Тәжикстан Республикасында болып атыр.

Бул сапар етиў 2019-жыл октябрь айында Ташкентте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм Тәжикстан Республикасы Мажлиси Оли арасында қол қойылған парламентлераралық бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге муўапық шөлкемлестирилди.

Сапар етиў шеңберинде 21-сентябрь күни еки елдиң парламентлераралық бирге ислесиў топарларының жумысшы мәжилиси болып өтти.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның сиясий ерк-ықрары ҳәм узақты гөзлеген дана сиясаты себепли бүгин еллеримиз ҳәм халықларымыз арасындағы дослық қатнасықлары сапа жағынан жаңа басқышқа – стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени атап өтилди.

Өзбек ҳәм тәжик халықларын бурынан дослық ҳәм жақсы қоңсышылық, уқсас тарийх, дин ҳәм мәденият, беккем руўхый байланыслар бирлестирип турады. Бүгинги күнде өз-ара дослық қатнасықлары тек ғана мәмлекет басшылары дәрежесинде емес, ал еки тәреплеме шерикликтиң барлық бағдарларында, атап айтқанда, парламентлераралық бирге ислесиў тараўында да жедел раўажланбақта.

Өзбекстан парламенти делегациясының басшысы еллеримиз өз раўажланыўының жаңа басқышында екенин, дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларын жедел раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар бар екенлигин атап өтти. Бул басқыштың тийкарғы өзгешеликлери  мәмлекет басшыларының басламасы менен қабыл етилген терең ойланған стратегиялық бағдарламалық ҳүжжетлер менен белгиленеди.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы және Тәжикстан Республикасын раўажландырыў Миллий стратегиясы еллеримизди дүньяның жедел раўажланып атырған мәмлекетлери қатарынан мүнәсип орын ийелеўин тәмийинлеў бойынша ўазыйпалар белгилеген. Ҳәр еки стратегия миллий өзине тәнликти есапқа алған ҳалда, бул мақсетлерге инновациялық экономиканы турақлы ҳәм нәтийжели раўаждландырыў тийкарында ерисиў зәрүрлигинен келип шығады. Соның менен бирге, еллеримиздиң стратегиялық бағдарламалық ҳүжжетлеринде регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў, Орайлық Азияны қәўипсиз, турақлы ҳәм жақсы қоңсышылық орайына айландырыў сыяқлы тийкарғы мақсетлер сәўлеленген.

Мәжилисте атап өтилгениндей, ҳәр еки мәмлекет бүгинги күнде экономиканы турақлы раўажландырыў, халықларымыздың абаданлығын арттырыў және инсанның тийкарғы ҳуқық ҳәм еркинликлерин әмелге асырыўдың исенимли кепилликлерин тәмийинлеў жолынан избе-из және исенимли бармақта.

Ушырасыўда еки ел арасында парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары додаланды. Нызам шығарыўшы уйымлардың жумысын жетилистириў мақсетинде биргеликтеги эксперт топарларын дүзиў, парламентлик изертлеўлерди өз-ара муўапықластырыў ҳәм нызамшылық машқалаларын үйрениўди нәзерде тутатуғын қағыйдаларды өзинде жәмлеген «жол картасы»н қабыл етиў бойынша пикир алысылды.

 

ӨзА