Жигирмаланшы әсир қарақалпақ әдебиятына өзине тән ҳаўаз бенен кирип келген талантлы шайырлардың бири Ширин Халмуратованың жаңа китабы баспадан шықты. Бул ҳаққында бизге Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының әдебий мәсләҳәтшиси С.Әмирлан мәлим етти.
Ширин Өтеш қызы 1949-жылы Ташкент қаласында ҳаслы шымбайлы болған мәмлекетлик ғайраткер, зыялы инсан Өтеш Халмурат улының шаңарағында дүньяға келген. Ол балалығынан өзгеше минез-қулқы менен ата-анасы, әтираптағылардың дыққат-итибарында болып, шақмақтай өткир пикирлери менен көпшиликти ҳайран қалдыратуғын болған.
Шайырдың дәслепки поэзиялық топламы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының тарийх-филология факультетинде 1-курста оқып атырған ўақтында жарық көрген ҳәм сол ўақыттағы үлкен тарийхый ўақыялардың бири болған еди. «Он сегиз бәҳәр» деп аталған усы поэзиялық топлам ҳәзирги күнге шекем қарақалпақ поэзиясында өзиниң мүнәсип орнына, оқыўшыларына ийе.
Ш.Халмуратованың дәслепки қосықларына еле олардың сыясы кеппей турып белгили композиторлар Ә.Султанов, Х.Турдықуловлар тәрепинен намалар жазылған ҳәм сол ўақытлардағы сахна жулдызлары болған Т.Дошумова, С.Мәмбетова, И.Рафиқова сыяқлы көркем өнер шеберлери тәрепинен атқарылған. Шайырдың қосықлары өзбек, әзербайжан, дағыстан, қырғыз, қазақ ҳәм Балтықбойы халықларының тиллерине аўдарылған.
Ширин Халмуратова шебер дилмаш сыпатында дүнья әдебиятының белгили ўәкиллери Робиндранат Тагор, Файз Аҳмад Файз, Сергей Есенин, өзбек шайыр ҳәм жазыўшыларынан Ҳамид Олимжон, Зульфия, Абдулла Орипов, Саида Зуннунова, Ўткир Ҳошимов, Нурали Қобулдың шығармаларын қарақалпақ тилине шебер аўдармалаған.
Жақында шайырдың «Бүлбил сести таңда оятар мени» поэзиялық топламы баспадан шықты. Китап заманагөй усылда арнаўлы коверкод пенен басып шығарылған болып, бул оқыўшылар ушын қосымша имканиятларды жаратады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.